ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ МАҚТАНЫШЛЫ ПЕРЗЕНТИ

Илим дүньясында бул исм үлкен мақтаныш пенен тилге алынады. Оның бир қанша илимий мийнетлери келешек әӯлад ушын баҳалы мийрас болып қалған. Бул халқымыздың мақтанышлы перзенти Чаржау Абдиров еди.

Ол 1933-жылдың 20-декабиринде туўылған. Қарақалпақстан Республикасына белгили микробиолог – илимпаз, лепра кеселлигине, сондай ақ,  Арал регионында экологиялық машқалаларға қарсы гүресиў бойынша белгили қәниге.  Нѳкис мәмлекетлик университетиниң биринши ректоры, Ѳзбекстан Илимлер Академиясының вице – президенти.

Ч.А. Абдиров  медицина илиминде   инсан тәрепинен лепраны қабыл етиўдиң жаңа иммунлы – генетикалық концепциясын жаратты.  Оның 130 артық  илимий мийнетлери, 14 монография ҳәм 6 методикалық усыныслары баспадан шықты.  4 илим докторы,  бир қатар  илим кандидатларына устазлық етти.

Ч. Абдиров Қарақалпақстан Республикасы  Жоқарғы Кеңесиниң  депутаты сыпатында мәмлекеттиң  жәмийетлик- сиясий турмысында белсенди қатнасты. Ол  қоршаған орталықты  ҳәм тәбиятты қорғаў  мәселелери бойынша  Комитетти басқарды  ҳәм  Арал бойы регионында   жасаўшы халықтың социал – экологиялық  машқалаларын шешиўге, сондай ақ  Қарақалпақстан Республикасының социаллық раўажланыўына ѳз үлесин қосты.  Ѳзбекстан ҳәм Қаракалпақстан Республикасы Мәмлекетлик  сыйлығының лауреаты.

 Уллы  илимпаздың  мийнетлерин есапқа алып, Нѳкис қаласының кѳшелери, сондай ақ «Мериўерт» атындағы  илимий- мәдений қоры, Қараѳзек райоындағы  медицина орайы  Ч. Абдировтың атына қойылған.

Ч.А. Абдиров  арамыздан ерте кетти, оның әмелге асыра алмаған жумысларын  республикамыздың келешек жаслары  даўам етеди.

 

Биология факультетиниң илимий ислер бойынша декан орынбасары

А.Ю. Кидирбаева

 

 

Пайдалы дереклер