АДАМЛАРДЫҢ АДАМЫ ямаса профессор Камал Мамбетовтың қәбир тасындағы қосықлары туўралы ойлар

Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ

 

        Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен илим ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, филология илимлериниң докторы, профессор Камал аға Мамбетовтың ким екенлиги туўралы билмейтуғын адам Қарақалпақстанда жоқ, деп айтсам, бул пикиримди ҳәмме мақуллайды деп ойлайман. Устаздың өмири, илимдеги ҳәм әдебияттағы дөретиўшилик жолы ҳаққында гәпти созып отырмақшы емеспен. Жәмийетшилик, халық биледи… Оқыўшылардың жүреклеринен орын алған романлар ҳәм повестьлердиң авторы, қарақалпақ әдебияттаныўы ҳәм фольклор илимине айрықша үлес қосқан алым, нешше мыңлаған филолог-педагог қәнигелерди, жас илимпазларды тәрбиялаған тәжирийбели, ақ көңил устаз, жәмийетлик искер… Айта берсем, және созылып кетеди. Ең баслысы, бизлер – шәкиртлери үлкен ҳәриплер менен мақтанышлы түрде жаза алатуғын ПЕРИШТЕДЕЙ ИНСАН, өз тили менен айтқанда: «Адамлардың адамы…» еди!..

         Устаздың қәбирин ҳәр зыяратлаўға барғанымда қулпы тасындағы он бес буўынлы еки косық мени терең ойланыўға мәжбүрлейди. Екеўиде Камал ағаның өз қәлемине тийисли. Және терең қыялларға шүмемен: «Не ушын усы еки қосық устазымның қәбир тасынан орын алған? Бул қосық қатарларында қандай мазмун жасырылған?…»

          Қәбир тасындағы биринши қосық төмендегише тоқылған:

                   Базыбиреўлер анадан туўылып-ақ ҳамал дер,

                   Базыбиреўлер жақсыны көрип турып-ақ жаман дер.

                   Гейбиреўлер минберге шығып алып көпирип,

                   Жумыс пенен иси жоқ қосжақпасты маман дер.

                   

                     Гейбиреўге жалынып, жағдайын айтсаң жумыстың,

                     Енди қайтып бул жерде ислемеймен, тамам дер.

                     Базыбиреўлер шынында мойынлайды өзлерин,

                     Усы исти ислеўге зорға жетти шамам,-дер.

                     Етикшидей еринбей ғәззелиңди торла, Камал,

                     Былайынша айтқанда, бахыт сағасы табан тер.

            Қосықта үлкен поэзияда талап етилетуғын метафоралар ушыраспасада, мазмунында жүректи силкиндиретуғын айрықша күш бар екенлигин ҳәр қандай саналы оқыўшы аңлайтуғынын сеземиз. Бул күштиң сағасы не нәрсе? Әлбетте, шынлықты тартынбастан сүўретлеўинде! Бизиң түсиниўимизше, дүньядағы ең сулыў, ең гөззал нәрсе – шынлық! Ҳақыйқатлық! Қулпы тасына ойып жазылған усы қосықта шынлықтың караматлы ушқынлары жалтылдап турғанлықтан болса керек, бул қатарлар ерксиз ядыма түсебереди. Алпыс жастан асқан усы күнлеримдеде маған туўры жол силтеп турғандай. Бәлким, басқаларғада сондай болып сезилетуғын шығар…

       Камал ағаны көпшилик ҳүрмет қылатуғын еди, сыйлайтуғын еди. Буларданда әҳмийетлиси – адамлар бул уллы инсанды жақсы көретуғын еди. Жақсы көриў… Мениңше, ҳүрмет қылыў ҳәм сыйлаўдан жоқары турады. Бул түсиник дәлийллеўди талап етеди… Мәселен, мен душпанымды базыбир табыслары ушын ҳүрмет етиўим мүмкин, төрелиги жоқ болсада меннен бурын бес-алты көйлек тоздырған биреўлерди жасы үлкен болғаны ушын ғана, ол нәмәрт болсада сыйлаўым мүмкин. Бул қәсийетимиз – миллий қәдриятлар шегарасынан шыға алмаслығымыздан болса керек. Бирақ, мен оларды жақсы көрмеген болыўым мүмкин… Камал аға халқымыздың ҳәм ҳүрметлиси, ҳәм ардақлысы, ҳәм жақсы көрген сыйлы инсаны еди. Тахтакөпирде бир бәзимдеги сәўбетлеримиздиң биринде  досларымыздың бири: «Бахтыяр, сен Камал Мамбетовтың жақсы көрген шәкирт инилериниң бири болдың. Устазың менен қәдемлес ҳәм дәстүрханлас болып жүрген қатарларының арасында оны жақтырмайтуғынларда болдыма өзи?» – деп ортаға тосаттан ғәлетийлеў, анаў-мынаў адамлар ойлай бермейтуғын, мен ушын дым ерси сораў таслаған еди. Камал ағаның әтирапында кеўилин шайтан уялаған, ишинен қасық айналмайтуғын пейли тар кимселер аз болсада бар болғанын, Қудай биледи, кимнен жасырамыз. Халық ҳәм жәмийетшилик арасындағы, илимдеги ҳәм әдебияттағы, ҳәрқыйлы жоқары инстанциялардағы ҳәм әпиўайы адамлар арасындағы бәлент абырайын, үлкен табысларын, оған болған меҳирин көре алмайтуғынлар бар еди… Қәбир тасындағы бизиң ойланыўымызға түртки болған қосық усындай унамсыз себеплерге бола жазылған.

          Илгерирек жылларда Камал ағаға арналған Қарақалпақстан телекөрсетиў бағдарламаларының биринде устаздың өмири ҳәм дөретиўшилик жолын айтып, шәкирти болғанымызға толып-тасып мақтаныш еткенмен. Устазды улығлағанымды шын кеўли менен қабыллай алмадыма, бир жасыуллының маған үрпейип қарап, тәмби берип қойғысы келген ўақыяны кимнен сыр тутайын?!… Жүзи сурланып кеткен ол қабағында қар уялап: «Камалды соншелли мақтағандай…, ол не иследи айрықша?…», деген еди. Нықыртып сөйлеўиниң себеби сонда, устазды «Сегиз қырлы, бир сырлы инсан!» деп ҳәр бир өзгешелигине айрықша-айрықша тоқтап, көклерге көтерип улығлағанман. Әне, соны өкпесине сыйдыра алмай, мени «тәртипке салып қоймақшы» болып атырғаны еди бул. Мени қәдир тутқан жақын адамларым биледи, қайтпас өжетлеў минезлерим бар, гәп келгенде иретинде ишимде сақлап қалмайман, жуўап бергеним еле бүгингидей есимде. «… аға, – дедим мен сөзимди салмақлап сөйлеп, – Камал ағамның биринши қыры: ол қарақалпақ китап оқыўшыларының жүрек төринен орын алған талантлы жазыўшы еди, көп санлы гүрриңлердиң, «Гөжек», «Тырналар», «Бахтың болсын Арыўхан», «Шақасында емес, тамырында», «Аўыл таңлары», «Көкшийел», «Имтихан», «Москвадан келген қыз», «Мен оны сүйер едим», «Муҳаббат ҳәм әжел» повестлериниң, «Бозатаў», «Посқан ел», «Ҳүждан», «Түркстан» романларының авторы еди, екинши қыры: өз ҳаўазына, өз жолына ийе шайыр еди. Мектеп партасындағы балалық жылларымызда Камал ағаның газеталар ҳәм журналда жәрияланған қосықларын оқып, сыртынан устаз тутынатуғын едик. Үшинши қыры: қарақалпақ журналистикасында жол дәптери жанрын раўажландырған шебер публицист еди. Камал ағаның «Саяхатнама»сын оқымаған китапқумардың өзи жоқ шығар… Ҳиндистан, Шри-Ланка, Кавказдың тәбияты, ноғайлар, Түркистан туўралы қызықлы, бай мағлыўматлар менен кеңирек танысқанбыз. Төртинши қыры: халық шежиресине қызығатуғын оқырманлардың терең ықласын жеңип алған тарийхшы еди. Бесинши қыры: қарақалпақ әдебияттаныўын раўажландырыўға айрықша үлес қосқан илимпаз еди. Қарақалпақстан ушын нешше мыңлаған филолог қәнигелерди ҳәм жас илимпазларды тәрбиялап, қанатларын қомландырып, үлкен пәрўазларға силтеме берген әдиўли педагог еди – бул алтыншы қыры. Жетинши қыры – Қарақалпақстан Республикасындағы жәмийетлик-мәденият ҳәм илим-билим тараўларындағы ҳүрметли искерлердиң бири еди. Устазым Камал ағаның абырай тулпары ҳәдегеннен алыс айналымларда дойнағында барын көрсетти: «Өзбеккинохроника» студиясының Қарақалпақстан бөлиминиң директоры, Қарақалпақстан телекөрсетиў ҳәм радиоеситтириў комитети баслығы орынбасары, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң кафедра баслығы, факультет деканы, университет ректоры, Қарақалпақстан Республикасы Билим жәмийетиниң председатели, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы лаўазымларында иследи. Университетте журналистика қәнигелиги бөлимин дүзиўди шөлкемлестирди ҳәм ашты. Жоқарғы Кеңеске депутат болып сайланды. Сегизинши қыры – бул, ең тийкарғыларының бири: Камал аға исмин үлкен алтын ҳәриплер менен жазып қоятуғын ИНСАН еди!… Усындай сегиз қәсийеттиң бәрин бир сыр қылып Қудай бир Камал ағамның бойына рәўа көрген екен, устазымды улығламай, енди кимди аспанларға көтерейин, ақсақал?!…», дегенмен. Сол – сол екен, усы гәпимди жақтырмай тыңлаған жасыуллымыз ушырасқан гезлеримизде, яки мен қандайдур әнжүманларда сөз алғанымда жүзи көгереңлеп сала беретуғын әдетти шығарды.

        Камал аға халық ҳәм жәмийетшилик арасындағы меҳир-муҳаббатқа, билимлендириў саласы ҳәм илимдеги, әдебият майданындағы, басшылық жумысларындағы абырай шоққыларына өзиниң жоқары адамгершилик пазыйлетлери, таланты, тыным билмейтуғын искерлиги, қарақалпақшасына айтқанда табанлы «қара мийнети» нәтийжесинде еристи. Гейпаралардың жоқары лаўазымлы жумысларға көтерилиўинде, атақ ҳәм даңққа ерисиўинде, «қатарының алды» болыўында ата-анасының абырайы «Қыдыр Ата» хызметин атқарғанлығы хешкимге сыр емес, бәршеге мәлим. «ХХ әсир!…», деп даңғарасы жер жарған мына ҳәзирги глобализация дәўириндеде усындай ата-аналардың абырайы гейпара адамлардың «келешегине трамплинлик шарапатын» көрсетиўин даўам етип атырғой… Бирақ, устазымызда гейпара қатар заманласлары сыяқлы оны қоллап-қуўатлап, қолтығынан көтерип жоқарыға алып шыққандай аўыллас туўысқаны яки ағасы болмады.

                         Бийик даңқ-атақ – бийик шың-жартас.

                         Епкинлеп ушып қыранда шығады,

                         Ысылдап, жылыслап жыланда шығады…

        Халқымыздың өмир тәжирийбесинен келип шыққан усы даналық мақалды ойлағанымызда, Ибрайым Юсуповтың «Шөгирме қосығындағы:

                         Ҳамал ушын Айдос арын сатқанда, –

деген қатарын Камал ағаның жоқарыда еслеп өтилген:

                         Базыбиреўлер анадан туўылып-ақ ҳамал дер,

                         Базыбиреўлер жақсыны көрип турып-ақ жаман дер,  –

деп жазылған қатарлары логикалық жақтан тастыйықланып турғанына және бир мәрте исенимимиз артады. Демек, үлкен мәртебе ҳәм мәнсап, абырай креслоларына халық сүйген Камал ағадай инсанлар ғана емес, қәлби жаманлық запыранларына толы, иши қара, жыланға уқсас адамларда көтериледи екен-дә… Камал ағаның қулпы тасындағы жазыўларға қарағанда, ҳамал деген нәпсиге жан-тәни менен қул болып бәнтлениў өзгешелиги базыбиреўлердиң қанында бар туўма қәсийетке уқсайды. Бундай философиялық-поэтикалық пикирлер устазымыздың өмирлик тәжирийбелери нәтийжесинде қәлиплескен. Усы қосық атақ-абырай ҳәм даңқ-мәртебе ушын, жоқары жумыс орны ҳәм ҳамал ушын тәни ҳәм жанын, ҳүжданын сататуғын тайпадағы адамлар топары Камал ағадан әўелги әўладтада, оның заманласлары арасындада, изин басып киятырған жасы киши буўындада көп болғанлықтан жазылған екенғой. Сонлықтан күйинген екенғой устазым… Әлбетте, халықтың ҳәм жәмийетшиликтиң сүйиспеншилигин өзиниң қалыс мийнети, меҳри, ақ көкирек минези менен жеңип алыўға миясар болған Камал ағадай инсанлардың табысларын көре алмайтуғын иши тар, қызғаншақ адамлар арамызда көплеп ушырасады. Бундай кимселердиң қанында питкен қызғаншақлық деген туўма кеселлик болады. Жақсылардың абырайын көре алмаўшылық наўқаслығына балалығынан шатылған қызғашақлар, яғный Камал ағаның қосығында сөз етилгениндей «базыбиреўлер» сыртынан сансыз дөҳмет тасларын тынбастан ылақтыра бергенликтен Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан халық шайыры устаз Абдулла аға Арипов:

                         Инсап берер болса Қудайым егер,

                         Урыны тәрбия әйлемек мүмкин.

                         Тосаттан биреўге жеткизсе зәрер,

                         Делбени шынжырға бәнтлемек мүмкин.

 

                         Жеңилиўи мүмкин ең үлкен душпан,

                         Сатқынын қолға алсаң, берип алтын-тас.

                          Данаға айланар ҳәттеки надан,

                          Бирақ қызғаншақты ҳеш жеңип болмас. –

деп жазған екен өзиниң «Қызғаншақ» деген қосығында. Еки устаздың поэтикалық шешимлериниң мазмунына дыққат қаратсақ, Батыс Европа психолог алымларының «… қызғаншақлық – бул, қанда болатуғын туўма кеселликтиң бир түри…» деген пикирлери ҳақыйқатлыққа сәйкес келетуғындай. Себеби, өтлесип кеткен қызғаншақлықты емлеўдиң ҳеш шарасы жоқ екен.

          Абдулла ҳәм Камал ағалар Ташкент мәмлекетлик университетиниң филология факультети журналистика бөлиминде курсласлар болған. Ташкетке яки Өзбекстан ўәлаятларына дөретиўшилик сапарларға бирге барғанымызда уллы шайыр: «Камал жақсы жүриппа?» деп меннен сорап турар еди. Азанға шекем созылған сәўбетлеримизде гейде гәп Камал аға туўралы болар еди. Дүньяның көп мәмлекетлериндеги халықлар шығармаларын сүйип оқыйтуғын ол Камал ағаның студентлик жылларда талантлы шайыр, журналист ҳәм белгили жас алым болғанлығына шайырана тәрийп берип отырар еди. Абдулла ағаның «Камалда күшли актерлық талант бар еди. Камал Шүкир Халмурзаев пенен бирге факультетимизде Шекспирдиң драмалық шығармалары қаҳарманларының роллерин атқаратуғын еди. – деген сөзлери мен ушын үлкен жаңалықлардың бири болған. – Ең асосийси, Камал периште киби ақ көңил, мәрт жигит еди. Шын қарақалпақ еди, баладай қәсийетлери көп болды. Мине, бүгин пақат қарақалпақтың емес, умумий аға-ини түрк миллетлериниң кәтте алымы, жазыўшысы мақамына жетисти…», деп мақтағанында мениң басым аспанға жетип, кеўлим қуяш пенен айды, жетпис мың әлемниң жулдызларын аралап ушатуғын еди. Камал ағада «Абдулла Ариповқа» деген қосығында уллы шайырды студентлик жылларда бирге оқыған «парталас» достым, «сөзлери нәўпир», «ең уллы зейин», «әдебият мүлкине көпир», «мақтанышымыз», «ҳаўазыңыз бөлек», «түркийлердиң…, Азияның фахри» – мақтанышы, «поэзия мүлкинде жәҳән гөзлеген» шайыр, деп улығлаған, қәдир тутынған дослар екенин терең толғаныс пенен жырлаған:

Жаслық дәўранларды еслеймен толық,

                                  Бул әжеп өмирде нелер болмаған.

                                  Биреў Қәдирийге парталас болып,

                                  Биреў Айбек пенен футбол ойнаған.

 

                                 Тап сондай-ақ мениң жылларым,

                                 Абдулла Арипке парталас өтти.

                                 Жетеклеп бахытлы дәўир кәрўанын,

                                 Студентлик жыллар өттиде кетти…

 

Устазлар айтар еди, сөзлери нәўпир,

                                   Арамызда жасар ең уллы зейин.
                                   Әдебият мүлкине сол болар көпир,

                                   Еле еситерсиз 40 жылдан кейин.

 

Мақтаныш еткендей курсласлар көп,

       Шүкир, Аман, Мухтар, Өткир ҳәм Төлек.

                                  Пүтин Өзбекстан сыбырлар сиз деп,

                                  Сол ушында сениң ҳаўазың бөлек…

          Камал аға бул қосығында Абдулла Арипов пенен бирге дөретиўшиликте өз жолларына ийе сөз шеберлери Шүкир Халмурзаев, Өткир Хошимов, Төлепберген Мәтмуратов ҳәм басқалардыңда курслас дослар болғанын айрықша көтериңкилик пенен мақтаныш етеди. Он сегиз-жигирма үш жаслар аралығындағы Камал ағаның студентлик жыллардағы дөретиўшилик өмири өзи сыяқлы усындай күтә талантлы қур орталығында сейисленгенлиги Тәңри тәрепинен саўға етилген айрықша нәғмети десекте болады.

           Камал ағаның қосығындағы «Базыбиреўлер жақсыны көрип турып-ақ жаман дер…», – деген екинши қатары биринши қатарының логикалық даўамы болып, оның тереңирек мағанасын сәл кейинлеў түсингенмен. Қәлбимиз периштедей пәк жаслық заманларымызда «… жақсыны жаман деў мүмкин емес, жақсы адамларды, ҳәттеки, жаманларда жақсы көреди…», деген қам қыяллар менен жасаған екенбиз.  «Бахтыяр, деген еди ол, устаздың аспиранты болып, мәсләҳәтлерин алып жүрген гезлеримниң биринде. – Биреў кимдидур саған жаманлап келсе, оған исенбе, ол әлбетте, сениң өзиңдиде сол өзи жаманлап атырған адамына жаманлап барады». Дурыс ақыл екенин енди-енди аңлап атырмыз. Университетте ҳәм факультетимизде, мейли ол жасы үлкенбе, өзи теңлес қатарыма яки изине ерип киятырған жасы кишиме, кимдидур ғәлетлегенин еситпегенмен. Жазыўшы-шайырлар арасындада минез-қулқы, дөретиўшилик дәрежеси түрли-түрли тулғалар көплеп ушырасады. Биреўди жақтырмаса жеңил ҳәзил-пәзил, я болмаса өзи тоқыған жағымлы анекдот пенен көпшиликке билдирип қояр еди. Жоқары лаўазымларда ислеўине байланыслы ҳәрқыйлы тараўлар бойынша ылайық қәнигелерди, әсиресе, қәлби ҳәм қолы таза жасларды басшы жумысларға қойыў, оларды мәмлекетлик сыйлықларға усыныў ҳәм қоллап-қуўатлаў сыяқлы мәселелер бойынша базыбиреўлер менен ойласыўға туўра келген пайытларда, әне сол жоқарыда гәп болған «… анадан туўылып-ақ ҳамал» деп тили шыққанлар жаңа өсип киятырған кадрларға қара бояўларды жағыўда  шеберликтиң шыңларын ийелеген «талантлар» сыпатында алдына адам салмайтуғынлығын айтып, ҳайран қалып отыратуғын еди.

          Бизлер университетке қабылланып, студент болған 1980-1985-жылларда Камал аға топарымызға бес жыл даўамында кураторлық етти. Университеттиң ески бинасының бас корпусында оқығанбыз, факультет деканаты орналасқан екинши этажға қарап шығатуғын биринши бурылма текшелердиң жоқарысында, умытпасам, Маркстиңбе яки Энгельстиңбе: «Илимде кең даңғыл жол жоқ, оның жарқыраған шыңларына қәўипли тикжарлары арасындағы таслы соқпақлардан қорқпай, шаршамастан үлкен қыйыншылықлар менен қыбырлап жетиўиңе туўра келеди» деген сөзлери көлемли жуқа фанер тақтайшаға үлкен ҳәриплер менен жазылғанлықтан, алыстан дыққатты тартып турар еди. Бул жазыўды оқыған менде ҳайран қалыў сезимлери пайда болғанлығы еле ядымда сақлаўлы тур. Университет студенти боламан дегенше жасаған өмиримде бәрқулла мениң санамда «Егер терең билимли ҳәм талантлы болсаң, ҳәр қандай адамға оның жолы кең ҳәм пәраўан, қыйыншылықсыз, иркинишсиз болады»,деген түсиниклер беккем тамыр урған еди. Сонда қалай болғаны?!… Бизиң пәмлеўимизше, илим жолы билими сайызларға ҳәм бийталантларға ғана қәўипли, тикжарлы, қорқынышлары шаршататуғын, таслы соқпақ болыўы керек едиғой…

          Мен өзимниң ҳәр нәрсени тез билип алыўға умтылыўшы минезим себеп, бәлки жаслыққа тән сабырсызлығым шығар, Шоманайдағы Гагарин совхозында пахта терим мапазы еди, 1-курс студентпен, Камал ағадан: «Бул қалай, илимге уқыбы бар адамлар ушында илим жолы тар, қыйыншылықларға толы боладыма?», деп сорағанман. Мениң бул саўалыма ол: «Бахтыяр, ҳәзир мен айтқан менен түсинбейсең. Ўақты келип, рәсмий арнаўлы тема алып, илим менен шынтлап шуғыллансаң өзиң-ақ аңлап-билип аласаң», деп жуўап берген еди. Жыллардың өтиўи менен билдим, устаздың кандидатлық, докторлық диссертациялары жазылыў ҳәм қорғалыў дәўирлеринде оның табысларын көре алмай аяғын шалыўшылар, тасада турып тас атыўшылар болған екен. Ялғаншы, нәмәрт дүнья!… Қәлби сүттей пәк Камал ағаныңда душпанлары болған екендә… Лекин, бул уллы инсан мениң менен ашылысып сөйлескен мәўритлери көп болсада, олардың кимлер екенин маған ашық айтпаған. Деген менен, Камал аға «…анадан туўыла сала ҳамал дегенлерди, жақсы инсанларды жаман дегенлерди, жумыс ислеў жақпайтуғынларды маман деп мақтаған жалғаншыларды, өзин сөзде ғана искер көрсететуғын ҳайяр жалатайларды…» улыўма унатпайтуғын,  жақтырмайтуғын еди. Қулпы тас қосығында жазылғандай, «минберге шығып алып көпирип»  өзлерин билеўик дана есаплап, жағымпазлық, яки ғәлет сөзлер айтып көп сөйлейтуғынлар Камал ағаның дәўиринде ҳәр тараўда баршылық еди, ҳәзирги замандада ушырасады, шамалаўымызша келешектеде бул иллет ада болмайтуғын шығар. Дана халқымыз бундайларды «Жылытқан суўдан қалмай суғылыса береди», деп әжиўалаған. Бирақ, устаз гейпара заманласларындай олардың бундай айыпларын бетине айтып, жағаласып, қуўдаласып жүриўди қәлемейтуғын еди. Өзин илим ­ҳәм билим және жазыўшылық гүзарларындағы үлкен көлемли, аўыр салмақлы, маңлай тери сиңген дөретиўшилик мийнетлеринде көрсетти. Жақсы инсанларды қоллап-қуўатлады. Әтирапындағы өз мүмкиншилигин дурыс баҳалайтуғын мәрт, туўры сөзли, ҳақыйқатлық тәрепдарлары болған жақсы инсанларға симпатиясын ҳәм өзиниң күнделикли турмыста тутынған концепциясын:

                         Базыбиреўлер шынында мойынлайды өзлерин,

                         Усы исти ислеўге зорға жетти шамам,- дер.

                         Етикшидей еринбей ғәззелиңди торла, Камал,

                         Былайынша айтқанда, бахыт сағасы табан тер. –

деп  қосық қатарларында жәриялады. «Ўаҳ…, Камал ағам-ә!…, – деп гүрсинемен зыяратлаўға ҳәр барғанымда қәбир тасындағы қосық қатарларын оқып. – Арамыздан сәл ертелеў кетип қалдың-аў…» Алпыс бир жас еркек адамның ҳәртәреплеме камалатқа жетисип турған ўақты емеспе?

      Студеннтлик жыллар. Бизиң топарымызға «Әдебият теориясы»нан сабақ берди. «Искусство ҳәм оның мәниси» деген теманы өткендеги айтқан бир пикири тап усы күниде кешегидей есимде. Лекцияларды йошып, тасқынланып аққан дәрьядай ықласланып өтеуғын еди. Көркем өнердиң бир саласы болған музыка туўралы пикирлериниң биринде: «Ҳәр қандай халықтың турмыс тәризин сол халықтың музыкасы арқалы аңлаўға болады. Мәселен, қазақлардың намаларында шығыстан батысқа созылып жатырған далалардың улан қайыр кеңлиги, оларда жайылып жүрген үйир-үйир жылқылардың туяқларының дүбирлилери, өзбек сазларында халықтың ўақты хошлыққа бейим турмысы жаңлап турады, әсиресе, қызларының аяқ ойынларында дәрҳал көзге тасланады, ал қарақалпақ музыкаларында болса, көбинше қандайдур тарийхый муң, жүректиң сызлаўы айрықша сезилип турады», деген еди. Камал аға талантлы жазыўшы, тәжирейбели устаз, теоретик ҳәм әмелиятшы илимпаз болғанлықтан инсанлар өмирин, турмысты, ҳәттеке жеке инсанлардыда гүзетип, олардың минез-қулқын, сөйлеў манераларын, ис-ҳәрекетлерин, қыймылларына шекем гүзетип барады екен. Устазды талантлы психолог еди, десемде орынлы болады деп ойлайман. «Адамның қандай пазыйлетлерге ийе екенин оның тек сөзинен емес, ал сәлемлесиўиненде билип алыўга болады, деген еди лекцияларының биринде. – Гейпара адамларды үлкен лаўазым гүрсиси, асып-тасқан дүнья-мал, пул, жоқары атақ-абырай дәрҳал өзгертеди. Олардың өзгергенин адамлар менен сәлемлескенин билиўге болады. Бундайлар иси түсетуғын болғанлықтан өзинен ҳамалы жоқары адамлардың алдында бөденедей жорғалайды, ийилип жуўырып барып қос қоллап сәлемлеседи, өзгелердиң өзинен бурын сәлемлескенинде қызғанып турады, «… я Алла, мени қушақлағайдә…, басқалар ақсақалдың мени баўырына басқанын көргейдә…», деп емиренип жалтаңлайды, бәрқулла «геўишин қойып», түшкирсе «я раҳим алла»сын айтып жүреди. Дәрежеси төменлер менен сәлемлесиўи пүткиллей керисинше болады, «беклик аттан түспейди»: дистанция сақлайды, биреў сәлем берсе, «қолымды созсамба екен, созбасамба екен, созбасамда болады-аў», деп еринип ғана сәлемин алыўы мүмкин, сәлемлесиўши «мүсәпир» қарсы алдынан қолын созып киятырған болса, бул ҳамалпараз «кисәпир» қәлбин шайтан уялағанлықтан мен-менлиги тутып өз жүрисин билетура пәсейтеди, я болмаса оның келиўин күтип иркилип турады. Исенбесеңиз «минген ҳамал атлары» усындай жоллар  менен жорғалаған ҳәмелдарларды бир дыққат пенен сынап көриңлер», деген еди. Камал аға бул гәпти айтқанында мың жеринен ҳақ еди. Бундай ўақыялардың мектептеги оқыўшылық жылларымдада, университеттеги студентлик дәўиримдеде, қайнаўытланған үлкен турмысқа араласқан ҳәзирги ўақыттада көп гүўасы болғанман. Ҳа-аў!… Тап бүгинде тап усындай ҳәдийсе болдығой… Эҳ, Устазымә!…

             Қулпы тастағы екинши қосық:

                    Дос болған адамлар саған ҳеш ўақытта жат емес, –

деген қатар менен басланады ҳәм мазмунлары бирин бири толықтырыўшы және тоғыз қатар менен даўам етиледи:

                    Гийнешил адам деген ҳеш ўақытта жақсы ат емес.

                     Қәтеси көбирек болып, байланыспаса сөзлер,

                     Пардозланып жазған менен ол билимли хат емес.

                     Инсан деген уллыдур, оның парқы ақылда,

                     Ол өмирдиң данышпаны, қапшықта турған зат емес.

                     Адамлар жақсы ат қалдырар, ақылы ҳәм қулқы менен,

                     Сулыў адам болыў ушын, қымбат кийиниў шәрт емес.

                     Адамлардың адамы болыў жағын ойлан Камал,

                     Адам ушын ҳақыйқат инсан болыў аңсат емес.

          Әййемги грек философы Аристотель «Кимниң дослары көп болса, онда  оның досты жоқ» деген екен. Және бир гәпинде ол: «Ҳәммеге дос адам – ҳеш кимге дос емес» депти. «Дос болыўды қәлесең, гийнешил болма», деп жазған екен Қайқаўыс. Ибрайым Юсуповтың дослық туўралы поэтикалық концепциясы бизди:

                    Өзиң дүзиў болсаң, көпдур дос-яран,

                    Досларың ишинде бир достың болсын. –

деп дос таңлаўда алжасыққа жол қоймаўға шақырады, инсанға шын мәнисиндеги бир достың өзи жеткиликли, деп зинҳарлайды. Жазыўшы Марк Твен болса дослық туўралы «Нағыз дос сен қәтелессеңде таслап кетпейди, қәтелеспесең сениң тырнағыңада арзымайтуғын адамлар жаныңда пәйик болады», деп бизди дыққатлы болыўға жетелейди.  Аристотельдиң дәслепки пикири халқымыздағы «Мал достың болмасын, жан достың болсын» деген мақалға сәйкес келеди. Мал-дүньяң бисяр болып, әтирапыңдағыларға материаллық жақтан жәрдем бериў мүмкиншилигиң адамлардың дыққатын тартып турса, әлбетте, дөгерегиңде жорғалаған доссымақлар көп болады. Минген атың сүрнигип жығылса…, қасыңда биреўи қалмайды. «Теўип» кетиўиде мүмкин. Марк Твен айтқанындай, бундай аўыр күнлериңде олардың қайсыдур  биреўи сени таслап кетпесе, ол сениң жан достың болғаны емеспе… Аристотель айрықша атап өткен «ҳәммеге дос адам» дегенде өмирде ҳеш қандай өзиниң турақлы позициясына ийе емес кимселерди нәзерге алсақ болады. Бундай адамлар топарынан сатқынлар өсип шығады. Олар дос болыўы мүмкин емес. Руўхый дүньясы дана халқымыздың ҳәм әййемги Шығыс пенен Батыс  ойшылларының философиялық көзқарасларынан суўсынланған Камал ағаның дос туўралы поэтикалық уғымлары өзиншелиги менен тартымлы: Инсанда бир ғана емес, көплеп дослар болыўыда мүмкин. Олардың «жат»қа айналыўы ҳәр кимниң өзине байланыслы. Мәселен, орынсыз «гийнешил»лик досларды «жат»ласыў дығырықларына алып барыўы мүмкин. Камал ағаның қосық қатарларындағы пикирлери Қайқаўыстың «Дос болыўды қәлесең, гийнешил болма», деген нәсиятын тастыйықлайды. Өкпе-гийне мәртлерге тән емес, бул қәсийет намәртлердиң қанында болады. Инсанның бул әлемдеги орнын баҳалаўға умтылған Франсуа де Ларошфуко өкпешил адамлар туўралы «Гирттей ақылға ийе адамлар гирттей нәрсе ушын гийне сақлайды, үлкен ақылға ийе адамлар ҳәммесин аңлайды, бирақ ҳеш биреўинеде өкпелемейди», деп жазған.

         Устаздың қосық қатарларының күши сонда, ондағы көзқараслар саналы оқыўшыны мазмун тереңлигине ҳәр түрли ракурсларда турып дыққат салып түсиниўди талап етеди. Камал ағаның әтирапында қосығында сүўретленгениндей дослары көп болып, олардың арасында «гийнешиллер»иде көпшиликти қураған болыўы мүмкинғой, яки керисинше аз болған шығар… Я болмаса…, устаздың өзи қәдир тутқан жақынларының бириниң досты көп болып, усы қәдирли адамы өзгелердиң ҳәммесине гийне сақлай беретуғын адам болған болыўыда мүмкин… бир Тәнри биледи… Қулласы, ҳәр биримиздиң өмир жолымызда, турмысымызда, улыўма инсанияттың тәғдиринде ушырасатуғын күнделикли мәселелер шайырана философиялық тәрезиге тартылып өлшенген. «Камал ағамыз «гийнешил адам» дегенде кимлерди нәзерде тутқан екен?». Көп ойланғанман. Ойланып-ойланып, «өтлесип кеткен өкпешил» адамға айтылатуғын сөз болыўы мүмкин, деген жуўмаққа келгенмен. Бундай адамлар кеўлинде дық сақлап, болар-болмасқа өкпелеп, өзин қапа қылған адамына дәкки бериў ушын бәрқулла өш алыў қанжарын қайрап жүреди. Олар жаныда, қаныда кек сақлаў кеселлигине муптала болған адамлар есапланады. Мениң шамалаўымша, қосықтың мазмуныны қарағанда, Камал ағаның ҳәм оның жақын адамларының инсаныйлық ҳәм дөретиўшилик кәрўанлары «өкпелери қара қазандай исинип кететуғынлар» арасынан өткен пайытларда болғанға уқсайды. Әййемги данышпанлар гийнешиллик еркеклерге емес, ҳаялларға тән қәсийет, деп есаплаған ҳәм олардың биреўи: «Арамызда сондай гийнешил еркексымақлар бар, оларға юбкаңды дурыслап кий, деп дым ғана айтқым келеди», деген екен.

           Камал ағаның пикиринше, ҳәр нәрсе пүтин бир терең мазмунға ийе болса ғана қәдирли ҳәм гөззал. Устаз ширели мағызды әпиўайы хаттағы ҳәриплердиң сулыў жазылғанлығынан емес, ал оның бир пүтин ақылға муўапықлығынан излейди:

                     Қәтеси көбирек болып, байланыспаса сөзлер,

                     Пардозланып жазған менен ол билимли хат емес.

         Философияда форма ҳәм мазмун деген эстетикалық категориялар бар болып, мазмун өзине сай форманы талап етеди, ал форма ушын болса өзине сай мазмун керек. Қәбир тастағы он қатардың барлығыда  усы қосық ишиндеги мазмунның өзеги болған «дослардың досы болыў» ҳәм «адамлардың адамы» болып жасаў концепциясы ушын хызмет қылады. Шырайлы ҳәриплер менен жазылған («пардозланып») бир бетлик сөзлер дизбеги, ол егер қандайда бир мазмунды өзинде жәмлемеген болса, онда олар гәплер яки хат деп баҳалаўымызға ылайық емес. Терең мазмунлы «…билимли хат» сыяқлы:

                     Инсан деген уллыдур, оның парқы ақылда,

                     Ол өмирдиң данышпаны, қапшықта турған зат емес.

        Қосықтың дәслепки қатарларында жазылғанындай, «гийнешил адам» емес, ал «ақылы ҳәм жақсы қулқы» менен адамлар жақсы ат қалдырады. Жоқары инсаныйлық пазыйлетлериң болмаса, қаншалық қымбат баҳалы липасларға бүркенип сулыў көриниўге умтылғаның менен руўхый келбетиңниң сықылсызлығы сениң жандүньяңның майыплығын жасыра алмайды, деп шырлап атырғой Камал ағамның лирикалық қаҳарманы!

                     Адамлардың адамы болыў жағын ойлан Камал,

                     Адам ушын ҳақыйқат инсан болыў аңсат емес.

         Устаздың усы соңғы бәнт басар еки қатары автордың тек өзине ғана қойған үлкен азаматлық шәрти емес, адамлардың адамы болғысы келген бәршемизге тийисли. Себеби, профессор Камал Мамбетов базыбир кимселер сыяқлы жоқары ҳамалдар болғысы келип оның изинен жалаңаяқланып жуўырмады, адамлардың сыртынан дөҳмет гәплер айтпады, қурғақ дәбдебепазлыққа қурылған мылжың сүренлеўлерди унатпады, ҳәр бир қәнигени өз уқыбы ҳәм мүмкиншилигине бола баҳалады, дөретиўшилик ҳәм жәмийетлик искерлигиндеги барлық  табысларына қара мийнети, пидайылығы нәтийжесинде еристи.  Шын мәнисиндеги дослықты илаҳият тәрепинен берилген саўға деп улығлаған, жүреги сүттей ҳадал, кеўлинде дық сақламайтуғын инсан еди, дослардың досты еди. Ол пүткил өмири даўамында: билимлендириў ҳәм илим тараўында, жәмийетлик ислерде, жазыўшылық қәлем тербетиўлеринде, шәкиртлерди тәрбиялаўда жоқары адамгершилик принциплерге садық болып жасады, бизлердиң жүрегимизде қосық қатарларында жазылғанындай, «… адамлардың адамы…, ҳақыйқый инсан» болып қалды. Қәбир тасына ойып жазылған бул еки қосық бәршемизди: нураний аға ҳәм апаларымызды, шашларымызға ақ енип қәддимиз бүгиле баслаған бизлерди, изимиздеги ини ҳәм қарындасларымызды, жүреклери жақсы әрманлар жулдызларына толы жасларымызды АДАМЛАРДЫҢ АДАМЫ – ҳақыйқый мәнистеги МӘРТ ИНСАН болыўға шақырып турады. 

 

 

 

 

 

 

 

 

Пайдалы дереклер