Устаз болған ерси исти етпеген,
Билгирмен деп менменликке кетпеген.
Наўайылар журттан уллы болса да,
Жамийдиң алдынан кесе өтпеген.
Билимли ел санасы бар, көзи бар,
Озық дүнья арасында өзи бар.
«Бир ҳәрип үйреткен устазға қырқ жыл
Хызмет кылың» деген халықтың сөзи бар.
И.Юсупов
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген билимлендириў хызметкери, физика-математика илимлери кандидаты, профессор Шернияз Қаниязов ҳаққындағы еслеўлеримизди бийкарға шайыр И.Юсуповтың қосық қатарлары менен басламадық, себеби оның ерси исин, менменлик қылғанын ҳǝм басқада унамсыз минез-қулқын кɵрмедик.
Əлпайымлық – бул, данышпанлықтың белгисидур, дегендей устаздың ҳақыйқат илимий, алым инсан екенлиги усы ǝлпайымлығынан кɵринип турар еди. Оның аудиториядағы қызықлы, мазмунлы ɵтилген лекциялары ҳǝзирги күнге шекем шǝкиртлериниң ядында мудамы сақланып киятыр. Бир топар физиклер жыйналып қалса, Шернияз ағаны еслемей, айтпай тура алмайды. Ҳǝттеки, устаздың «билип ал Қарақалпағым!» деген сɵзлери бүгинги күнде де шǝкиртлери арасында елеге шекем айтылып келмекте.
Ш.Қаниязов 1939-жылы 21-декабрьде Қараөзек районында хызметкерлер семьясында дүньяға келеди. 1963-жылы Ташкент мәмлекетлик университетин питкерип, физик-теоретик қәнигелигин алды. 1968-жылы Илимий жумысын табыслы қорғап, физика-математика илимлери кандидаты илимий дǝрежесин алыўға миясар болды. Ол өз мийнет жолын Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында үлкен оқытыўшы болып ислеўден баслады. 1973-1980-жыллары Илимлер Академиясы системасында Кибернетика институтында лаборатория баслығы лаўазымынан баслап, соң Есаплаў орайының директоры (Илим-изертлеў бойынша) болып иследи.
Ол 1980-1998- жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Теориялық физика» кафедрасын басқарды ҳәм соннан кейинде «Улыўма физика» кафедрасының профессоры болып иследи. Ш.Қаниязов диодлы структураның вольт-амперлик характеристикаға ийе болатуғынлығын статикалық ҳәм динамикалық жақтан ҳәм компенсация етилген базаға ийе диодлардың үлкен добротностьларда электрлик тербелислерди пайда ететуғынлығын теориялық жақтан изертледи ҳәм дәлилледи. Көпқатламлы ярымөткизгишлер структурасына сыртқы сигналдың бойлық ҳәм көлденең түсиўлеринде оның вольт-амперлик характеристикасы терис дифференциаллық қарсылыққа ийе болатуғынлығын ҳәм бул прибордың өзгешелиги монохроматикалық жақтылық тәсиринде электр қозғаўшы күшиниң полярлығының өзгериўин анықлады. Бул эффекттиң теориялық түсиндирилиўи шǝкиртлери менен бирге ислеген жумысларда алынды.
Оның илимий жумысларының нәтийжелери республика ҳәм шет ел илимий журналларында үзликсиз жәрияланып турды. «Введение в теорию и численное моделирование полупроводниковых приборов» атамасындағы монографиясы баспадан шықты, квант механикасы, электродинамика, векторлық тензорлық анализ тийкарлары курслары бойынша лекция текстлери ҳәм бул курслар бойынша оқыўлық қолланбалары таярланды.
Озық ойлы, ҳақыйқый илимпаз, ǝдиўли устаз Ш.Қаниязовтың жарқын естелиги бизлердиң ядымызда мǝңги сақланып қалады.
Физика факультети деканы А.С.Муратов