Дағаза стажировка бойынша

Өзбекстан Республикасы  Инновация раўажланыў министрлигиниң 2021-жыл 23-апрелдеги 02-51/2443-санлы хатына тийкарланып «Жас алымларды жетекши шет ел илимий шөлкемлеринде (орайлар, университетлер ҳәм басқалар), сониң менен бирге илимий лабораторияларды үскенелеў ушын сатып алынатуғын жоқары технологиялық әсбап-үскенелерде ислеў методикасын өзлестириў ушын қысқа мүддетли илимий стажировкаларға жибериўге байланыслы таңлаў мүддети созылғанлығын мәлим етемиз.                                                                      

Хүжжет тапсырыў мүддети 2021-жыл 20-май сәнесине шекем. Қатнаспақшы болған талабанлар 19-май саат 17:00 ден кешиктирмей хүжжетлерин толықтырып электрон формада Илимий инновациялық исленбелерди коммерцияластырыў бөлимине жеткериўиӊиз яки 998906537491 телеграм номерине таслап бериўиӊиз керек екенлигин хабарлаймыз.

 

Илимий инновациялық исленбелерди коммерцияластырыў бөлими

Пайдалы дереклер