ИЛИМГЕ БАҒЫШЛАНҒАН ӨМИР

Қарақалпақ тилин шын мәнисинде илимий изертлеў 1930-жыллардан басланды. Бул басқа түркий тиллердиң изертлениўине салыстырғанда әдеўир кеш еди. Бирақ соған қарамастан қарақалпақ тили ҳәр тәреплеме тез пәт пенен изертлене баслады. Оның баслы ҳәм актуаль мәселелери илимий изертлеўдиң объектине айланды. Усыған байланыслы қарақалпақ тил билиминиң фонетика, лексикология, сөз жасалыў, морфология, синтаксис, тил тарийхы, диалектология ҳәм т.б. тараўлары белгили бир системаға түсти. Бул тараўлардың изертлеў объектлери анықланып, ондағы ең актуаль мәселелер бойынша монографиялық изертлеўлер жүргизилди. Бирақ бул мәселелер көбирек структуралық-формалық жақтан үйренилди. Бүгинги қарақалпақ тил билими тил қубылысларын көбирек функциональ-семантикалық тәрептен изертлеўди талап етпекте. Соның ишинде синтаксислик бирликлерди де функциясы ҳәм семантикасы тәрептен изертлеў ең әҳмийетли, актуаль мәселелердиң бири болып есапланады.

Қарақалпақ тилин илимий изертлеў 1930-жыллардың басында Н.А.Баскаков, С.Е.Малов, Е.Д.Поливановлар тәрепинен изертленген болса, 1940-жыллардан баслап қарақалпақ тилин изертлейтуғын жергиликли илимпазлар өсип жетилисти. Ҳәзирги қарақалпақ тил илиминде оның тараўларын изертлеген, изертлеп атырған жергиликли қәнигелер пайда болды.

Мәселен, қарақалпақ тил илиминиң фонетика тараўы бойынша Ж.Аралбаев, К.Убайдуллаев, А.Даўлетов, Р.Бекназарова, Г.Нурымбетова, лексика тараўы бойынша Е.Бердимуратов, Р.Есемуратова, морфология тараўы бойынша А.Бекбергенов, А.Нажимов, синтаксис тараўы бойынша М.Даўлетов, Е.Дәўенов, А.Альниязов, диалектология тараўы бойынша О.Доспанов, О.Бекбаўлов, тил тарийхы бойынша Ҳ.Ҳамидов, Ш.Абдиназимов ҳәм т.б. атап көрсетиўге болады.

Ҳәзирги ўақытта бул тараўлардың ең баслы объектлери көп ғана изертлеўлердиң объектине айланды. Солай да алда изертлеўди күтип турған мәселелер баршылық. Әсиресе, тил билиминдеги соңғы жаңалықларды есапқа алып, қарақалпақ тилиниң лингвокультурология, лингвофольклористика, лингвопоэтика, прагмалингвистика, текст лингвистикасы ҳәм т.б. бойынша көп жумыслар ислениўи зәрүр.

Биз бул мақаламызда қарақалпақ тилиниң тарийхын изертлеўге өзиниң күш-жигерин аямай жумсаған, өз өмирин илимге бағышлаған академик Ҳ.Ҳамидовқа тоқтадық.

Ҳәрқандай илимниң тарийхында сол илимниң раўажланыўына өз үлеслерин қосқан илимпазлардың исимлери ҳәм хызметлери айрықша орын ийелейди ҳәм олар ҳешқашан умытылмайды. Қарақалпақ тил билимниң раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосқан усындай илимпазлардың бири филология илимлериниң докторы, академик Ҳуснатдин Ҳамидов болып табылады.

Ҳ.Ҳамидов 1935-жылы 5-январьда Шымбай районының Шоқарық аўылында (ҳәзирги Қ.Әўезов мәкан пуқаралар жыйыны) туўылды. Ол 1955-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик муғаллимлер иниститутының рус тили ҳәм әдебиятын питкерип, 1955-1959-жылларда Шымбай районындағы мектеплерде рус тили ҳәм әдебиятынан сабақ берди. 1960-1967-жыллары Н.Дәўқараев атындағы Тарийх, тил ҳәм әдебият институтының қарақалпақ тилиниң тарийхы ҳәм диалектологиясы бөлиминде илимий хызметкер болып ислеп жүрип, Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты тарийх-филология факультетиниң рус тили ҳәм әдебияты бөлимин сырттан оқып питкерди. Усыннан кейин ол пүткил өмирин қарақалпақ тил билимин раўажландырыўға бағышлады. 1967-жылы Ашхабад қаласында «XVIIIXX әсирдеги юридикалық ҳүжжетлердиң тили ҳәм оның ҳәзирги қарақалпақ тилине қатнасы» темасындағы кандидатлық диссертациясын табыслы жақлады. 1967-1994-жыллары Н.Дәўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институтының Шығыс қолжазбалары бөлиминде дәслеп үлкен илимий хызметкер, соңынан усы бөлимниң баслығы болып иследи. 1990-жылы Ташкентте «Жазба естеликлер бойынша XIXXX әсирлердиң басындағы қарақалпақ тили» деген темада докторлық диссертациясын жақлады. 1994-жылы Өзбекстан илимлер академиясының хабаршы-ағзасы, 2000-жылы ҳақыйқый ағзасы (академик) болып сайланды.

Ҳ.Ҳамидовтың жемисли ислеген тараўы — бул қарақалпақ тилиниң тарийхы. Соның менен бирге, ол Шығыс қолжазбаларын жыйнаў, оларға комментарийлер жазып, баспаға таярлаў ислери менен де шуғылланды. Бул тараўда оның «Қарақалпақ тили тарийхының очерклери» (1974), «Ески қарақалпақ тилиниң жазба естеликери» (1985), «Каракалпакский язык XIX начала ХХ вв. по данным письменных памятников» (1986), «Шығыс тиллериндеги жазба дәреклер ҳәм XIX әсирдеги қарақалпақ шайырлары» (1991), «Рукописное наследие Бердаха» (1995) монографиялары баспадан шықты. Илимпаздың бул мийнетлери қарақалпақ тилиниң тарийхын изертлеўде ҳәм оларды жоқары оқыў орынларында оқытыўда керекли ҳәм пайдалы қолланбалар болып есапланады. Бул үлкен жумыслар буннан былай да сол тараўда илимий жумыс алып барыўшылар ушын үлги болып қалады.

Ҳ.Ҳамидов илимий жумыслар менен бирге педагогикалық хызметлерди де алып барды. Ол 2008-жылдан баслап өмириниң ақырына шекем Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Түркий филологиясы кафедрасының профессоры болып, ол жерде «Түркий филологияға кирисиў», «Түркий халықлар әдебияты», «Жәҳән әдебияты тарийхы» ҳәм «Шығыс халықлары әдебияты» пәнлеринен сабақ берди.

Ҳ.Ҳамидов тилши илимпаз болыў менен бир қатарда, ол жазыўшы ҳәм шайыр да болды. Оның «Естелик, «Ант» ҳәм «Студент қыз» повестьлери, «Өмир ышқы», «Илҳам» атлы қосықлар топламы, «Ушқын» ҳәм «Өз үйим» романлары, 2007-жылы «Өмир мәнзиллери» деген қосықлар, гүрриңлер, повестьлер топламы баспадан шығып, олар китап оқыўшылар тәрепинен жақсы қабылланды.

Илимпаз-педагог сыпатында Ҳ.Ҳамидов жоқары қәнигели кадрларды таярлаў исине де белсене қатнасты. Ол көплеген кандидатлық ҳәм докторлық диссертациялардың табыслы жақлаўына өз үлесин қосты. Ол бирнеше жыллар даўамында университет жанындағы қарақалпак тили ҳәм қарақалпақ әдебиятынан докторлық диссертация жақлаў бойынша қәнигелестирилген кеңестиң баслығы болып иследи. Ол бул шөлкемге басшылық еткен дәўирде бирнеше кандидатлық ҳәм докторлық диссертациялар жақланды.

Халық тилинде Шоқарық аўыл Ҳ.Ҳамидовтың аўылы деп те жүргизиледи. Бул илимпазға болған үлкен ҳүрмет-иззет деп есапланады.

Илимпаздың илимге қосқан салмақлы үлеслери ҳүкиметимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланып, оған 1993-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағы берилди.

Академик Ҳ.Ҳамидов 2019-жылы 3-ноябрь күни қайтыс болды. Ол ибратлы пазыйлетлери ҳәм салмақлы илимий мийраслары менен өз исмин мәнгилестирди. Оның илимий мийнетлери ҳәзирги ўақытта жоқары оқыў орынларында, илимий мәкемелерде ҳәр тәреплеме үйренилмекте, сондай-ақ, илимпаздың өмири ҳәм илимий хызметлери ҳаққында мийнетлер жазылмақта.

Академик Ҳ.Ҳамидовтың жазып қалдырған мийнетлери қарақалпақ тил билимине қосылған үлкен үлес сыпатында тилге алынады ҳәм оның исми қарақалпақ тил билиминиң тарийхында гиреўли орынды ийелейди.

 

Қарақалпак тил билими кафедрасы баслығы, профессор М.Қудайбергенов

 

 

Пайдалы дереклер