ИХТИОЛОГИЯ ТАРАЎЫНДА АЛДЫҢҒЫ ҚАТАРДА ТУРҒАН ИЛИМПАЗЛАРДАН ЕДИ

      Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, биология илимлериниң докторы, профессор Рахман Тлеўов Қарақалпақстанның  биология илиминде дәслепки докторлық илимий дәрежеге ийе болған жергиликли кадрлар ишинде илим кәрўаны  локамативи бола алған билимли, саўатлы, сабырлы,   ақыл парасатлы инсанлардан есапланады.

       Профессор  Рахман Тлеўов 1931-жылы 20- декабрде Қоңырат районында туўылған .

1947 –жылы Қоңырат районында орта мектепти питкерген   ҳәм  соңынан 1947-1951 жыллары Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының химия-биология факультетинде оқыған .

Р.Тлеўов 1951-жылы пединституттың химия-биология факультетин питкерип дәслеп  ӨзИАның Қарақалпақстандағы экономика ҳәм мәденият институтында лаборант лаўазымында, соң илимий хызметкер лаўазымында жумыс ислейди

 Р.Тлеўов 1963-жылы Қырғызстанда  профессор Ф.А.Турдаковтың басшылығында ихтиология тараўы  бойынша кандидатлық диссертациясын жақлады. Р.Тлеўов 1963-жылдан баслап ӨзИА Қарақалпақстан филиалында дәслеп үлкен илимий хызметкер,соң ихтиология ҳәм гидробиология лабораториясының баслығы лаўазымында жумыс ислеген.

  1966-жылы ӨзИА Қарақалпақстан филиалында комплексли тәбияттаныў институтының илимий ислери бойынша директорының орынбасары, 1973-жылдан 1982-жылға дейин усы институттың директоры лаўазымында жумыс ислейди Ол директор лаўазымында институттың илимий техникалық базасын тиклеўде ҳәм идим изертлеў институты ушын  керекли қәнигелерди таярлаўда ҳәм жаңадан  бир қанша илимий лабораторияларды ашыўда айтарлықтай хызмет ислеген.

 Р.Тлеуов  «Қарақалпақстанның ихтиофаунасы  ҳәм Арал теңизи балықлары» бағдарында көплеген илим изертлеў жумысларын  алып барды. 1981-жылы Р.Тлеўов Москвадағы ВНИИРО (балықшылық бойынша Пүткил союзлық илим изертлеў институты) илимий кеңесинде  өзиниң илмий изертлеў жумысларының   жуўмағы бойынша жергиликли кәнигелер арасында биринши болып балықлар экологиясы бойынша докторлық диссертациясын жақлап шықты   Усы жылы оған «Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағы берилди.

1963-1997- жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң зоология кафедрасын басқарады. Оның илимий ҳәм илимий-педагогикалық жумыслары нәтийжесинде жарық көрген илимий мийнетлери оғада бахалы мийнетлер қатарында турады, мысалы  «Осетровые рыбы Амударьи» (1973), «Рыбы Каракалпакии» (1974), «Новый режим Арала и  его влияние на ихтиофауну» (1981), «Природа и антропический фактор» (1991), «Омыртқалы ҳайўанлар зоологиясы» (2005), «Экология ҳәм тәбиятты қорғаў» (2005), «Результаты рисо-рыбного севооборота в Каракалпакии» (1988, 1991), «Қарақалпақстанның омыртқалы ҳайўанлар дүньясы» (2009) т.б.китаплары ҳәзирги ўақытта ихтиология тараўында илим менен шуғылланыўшылар ушын бийбаха қолланба болып хызмет етпекте .

Р.Тлеўовтың китапларының ишинде Ш.Тлеўбергенов пенен бирге жазылған «Рыбы Каракалпакии» (1974) атлы китабы Москва қаласында баспадан шығады. Елимиздиң жасы үлкени Қаллибек Камалов китапты көрип: «Елимиздиң балық байлығын пүткил дүньяға таныстыратуғын болыппыз, оны Москваға мәмлекетлик сыйлыққа усыныў керек»,- деген пикирлерди айтады  Бул китап реңли сүўретлер таярланған Қарақалпақстанның ихтиофаунасын толық өз ишине қамтыған үлкен илимий мийнет есапланады.

Китапқа дүньядаға  белгили илимпазлар Г.В.Никольский (20-ноябрь 1975, Москва), Л.С.Бердичевский(Москва,1975.);Б.Г.Иоганзен (26-февраль 1975. Томск) ҳ.т.б. лар пикирлер жазып,  жоқары баҳа берген еди .

Р.Тлеўов илимге берилген пидайы инсан. Ол биология тараўы бойынша биринши лаборант, биринши илим докторы ҳәм биринши болып зоологиядан профессор деген аттестатын алған илимий қәниге (1947-1948, 1981, 1989).

Р.Тлеўов Қарақалпақстанның ҳәттеки, пүткил Өзбекстанның биология илиминде соның ишинде ихтиология тараўында ең алдыңгы қатарда турған илимпазларынан саналатуғын еди. Ол бирнеше илим докторларын ҳәм илим кандидатларын таярлаған көрнекли устаз есапланады .

Пүткил өмирин илим изертлеў жолына ҳәм педагогикаға бағышлаған, илим пидайысы болған әдиўли устазымыз Р.Тлеўовты биз шәкиртлери   терең ҳүрмет пенен еске аламыз ҳәм бәркулла  ядымызда сақлаймыз

 

            

  Шәкирти,

биология илимлериниң кандидаты,

 доцент       Сейтназаров Сулайман

 

 

 

 

 

Пайдалы дереклер