Студентлер Мойнақтағы балықты қайта ислеў ҳәм  консервалаў  заводында әмелиятта

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети химия- технология факультети  Азық-аўқат технологиясы бакалавр бағдары туңғыш питкериўши студентлериниң диплом алды әмелияты Мойнақ районындағы  «Мойнақ Аква санаат» мәмлекетлик унитар кәрханасы балықты қайта ислеў ҳәм  консервалаў заводында шәртнама тийкарында алып барылып, оған химиялық технология кафедрасы ассистент- оқытыўшысы  Ешмуратов Марат басшылық етпекте.

Бул жерде студентлер оқыў барысында алған теориялық билимлерин әмелиятта көрди. Балық консервасын ислеп шығарыў технологиясы хәм оның ислеп шығарыў процесслери менен жақыннан танысты. Бунда консерва заводының бас технологи Оразбаев Мурат студентлерди ислеп шығарыў процесси менен таныстырды.     

 

 

 

 

     

Химиялык технология кафедрасы  Курбанбаева Гулшад.  

Пайдалы дереклер