9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни», сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 76 жыллығы мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймов нураний устазлардың шаңарағында болып, байрам саўғаларын тапсырды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 20-апрельдеги «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда «Еслеў бар екен миллет жасайды», «Итибар ҳәм ғамқорлық инсаныйлық парыз» сүренлери астында түрли илажлар өткерилди. Усы қарар тийкарында Қарақалпақ мәмлекетлик университети Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары менен университет нуранийларының шаңарағына барып, турыс жағдайларынан хабар алды.


Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаслар менен ислесиӯ бойынша проректоры С.Алауатдинов Нөкис қаласында жасаўшы Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Қәдирбай ата Нармановтың шаңарағында болды.
Оны 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни», сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 76 жыллығы менен қызғын қутлықлады. Усы мүнәсибет пенен байрам саӯғасын тапсырды.


