Шет тиллери факультетиниң Гид ҳәм аўдарма хызмети топар студентлерине Қарақалпақстан Республикасы Туризмди раўажландырыў басқарма баслығы Байрам Қусекеев ҳәм АҚШ елшиханасы мини проектиниң қатнасыўшылары Набира Джиемуратова ҳәм Гөззал Утемуратовалар семинар-тренинг өтти.
Семинар Хожели районында жайласқан Миздақхан археологиялық комплексинде даўам етти. Әмелият даўамында археолог ҳәм гид А.Бекбаулиев студентлерге тарийхый естеликлердин келип шығыўы ҳәм олардын мәденияты ҳаққында туристлерге шет тилинде мағлыўмат бериў бойынша түсиник берди.


