Ҳәзирги күнлери елимизде Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаӯын өткизиӯ барысында бир қатар унамлы жумыслар алып барылмақта.
2021-жыл 24-октябрьде болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаӯы процесин шөлкемлестириӯшилериниӊ сайлаӯ нызамшылығы бойынша тәжирийбесин асырыӯды шөлкемлестириӯ бойынша аймақлық тренерлерди таярлаӯ ушын аймақлық семинар-тренинг усы жылдың 17-май күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде дәслепки оқыў курсын баслады.
Тыңлаўшылар топарларға бѳлинип, тренерлер тәрепинен оқыў курсы даўамында Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаӯыныӊ конституциялық-ҳуқықый тийкарлары, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаӯын өткизиӯши сайлаӯ комиссиялары, сайлаӯ процесинде сырт ел мәмлекетлери ҳәм халықаралық шөлкемлер бақлаӯшылары, жергиликли бақлаӯшылар ҳәм ӯәкилликли ӯәкиллердиӊ ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары, сайлаӯға таярлық көриӯ ҳәм өткериӯ дәӯиринде қәӯипсизлик ҳәм жәмәәт тәртибин тәмийинлеӯ, округ ҳәм участка сайлаӯ комиссиялары имаратлары ҳәм даӯыс бериӯ ханаларын үскенелеӯ, сайлаӯшылар дизими менен ислесиӯ темаларында баянатшы-экспертлер М.Утемуратов, Қ.Бабаниязов ҳәм О.Утегеновлардыӊ қатнасында кеӊ түсиниклер берип өтти.
Оқыў курсы тыңлаўшылары ушын барлық зәрүр шараятлар толық жаратылды.



