18-МАЙ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ МУЗЕЙЛЕР КҮНИ   

Пүткил адамзаттың мәдений-руўхый азық алыўында  музейлердиң орны үлкен.  «Музей» сөзи Юнон тилинде  museion ҳәм латын тилинде museum сөзлеринен алынып  музалар, храмы, илим ҳәм көркем өнерге байланыслы жай деген мәнисти береди. «Музей» – бул Геликон  таўы жанындағы музалардың Фессалия  мәканы болып, онда ҳәр 5 жылдa бир  мәрте «Mузейлер» – улыўма грек байрамлары өткерилген. Онда шайырлар ҳәм художниклердиң жарыслары шөлкемлестирилген.

Tарийхый тәжирийбениң көрсетиўине қарағанда музей   мәкемелери ҳәр қыйлы терминлер менен белгиленеди. Mәселен: Въетнам музейлери  «Баoing»  («bao ta») термининде берилип, «бао» – реликвия, «мa» – сақлаў жери яки реликцияларды сақлаўшы жай  мәнисинде  ислетиледи. Усы Въетнам варианты музейлердиң ҳақыйқый  мәнисине жақын келеди.

Музейтаныў пән сыпатында ҳәзирги ўақытта Халықаралық музейлер кеңеси тәрепинен толық мақулланған. Халықаралық музейлер кеңеси яғный, ИКОМ – 1947-жылда Парижда ЮНЕСКО қасында музейлер жумысын координацияластырыў бойынша халықаралық орай сыпатында ашылған еди. ИКОМ халықаралық  түрли тараўдағы музейлердиң иси тәжирийбесин өз-ара алмасыўына хызмет көрсетиўши орай жүзеге келди. Оның тийкарғы ўазыйпасы музейлер жумысын жақсылаўға қаратылған.

Музейтаныўдың ИКОМ тәрепинен тән алыныўы, 1977-жылда бурынғы аўқам дәўиринде өткизилген, қәнигелескен xалықаралық музеология комитетиниң XI бас конференциясын пайда етиўге ҳәм онда бул тараўда шығармалар жазыў, музеологияны университетлерде  оқытыў бойынша усыныслар қабыл етиўге алып келди.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети тарийх бағдарында да Музейтаныў арнаўлы пән сыпатында оқытылып келинбекте. Соның менен бирге 2-курс тамамланғаннан соң өз алдына музейтаныў бойынша студентлер 4 ҳәпте даўамында қәнигелик әмелиятын өткереди. Қәнигелик әмелияты Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан тарийхы хәм мәденияты мәмлекетлик музейинде, И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети  қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў мәмлекетлик музейинде, Ә.Шамуратов ҳәм А.Шамуратова атындағы үй   музейлеринде өткериледи. Музейтаныў әмелиятына университеттен тәжирийбели окытыўшылар менен бирге музей хызметкерлери бириктирилген.

Бүгүнги 18-май Халықаралық музейлер күни мүнәсибети менен тарийх бағдарының 2-курс студентлери қаламыздағы жоқарыдағы аты аталған музейлерге саяхат шөлкемлестирип, бүгүнги сәнени қуўанышлы түрде белгилеп өтти.

 

Пайдалы дереклер