Бурын хабар етилгениндей Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, техника илимлериниӊ докторы, профессор А.Реймов Белоруссия Республикасына сапары даӯамында Беларусь Республикасыныӊ П.М.Машеров атындағы Витебск мәмлекетлик университетиниӊ 110 жыллық юбилейине қатнасты. Университет ректоры сөзге шығып, бул үлкен тарийхый сәне менен университет жәмәәтин қызғын қутлықлады.
Буннан соӊ сапар даӯамында Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов усы университетте математика ҳәм информатика пәнлери бойынша жас алымлардыӊ жаӊа илимий бағдардағы исленбелери менен танысты.
Сондай-ақ, химия, биология лабораторияларынан пайдаланыӯ усыллары бойынша тәжирийбелер алмасты.
Келешекте илимий жумысларды бирге ислесиӯ, студентлердиӊ оқыӯы ҳәм әмелияты барысында алмасыӯлар алып барыӯ, лаборатория жумысларын ислесиӯде әмелий жәрдем бериӯи, яғный тәжирийбесинен пайдаланыӯ бағдарында өз-ара пикир алсыӯлар болды. Соны айтып өтиӯ орынлы, көркем өнер (дизайн) қәнигелиги бойынша студентлердиӊ алмасып билим алыӯын жолға қойыӯ мәселелери де келисип алынды.
Ҳақыйқатында да бул Белоруссия Республикасына шөлкемлестирилген сапар Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ профессор оқытыӯшылары менен студент жаслары ушын жаӊа басламаларға тийкар жаратып атыр десек орынлы болады.







ҚМУ Баспасөз хызмети.