Енди ғана мектеп питкерип атырған жаслар жоқары оқыӯ орынларындағы қәнигеликлер бойынша жетерли мағлыӯмат алғанда ғана олар өзлери ушын дурыс бағдар таӊлай алады.
Усы жыл 31-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Математика факультетиниң профессор-оқытыўшылары Нөкис қаласы 3-секторда жайласқан “Сарбиназ” мәкан пуқаралар жыйынындағы 11-санлы орта арнаўлы билим бериӯ мектеби питкериўши жаслары менен ушырасты.
Ушырасыўға математика факультетиниң Функционаллық анализ, алгебра ҳәм геометрия кафедрасы баслығы ф.м.и.к.доц. Т.Курбанбаев, Алгоритмлестириў ҳәм программаластырыў технологиялары» кафедрасы баслығы PhD, доц.Б.Самандаров, факультет ҳаял-кызлар шѳлкеминиң баслығы, PhD үлкен оқытыўшы К.Бегжанова, Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары М.Таңирбергенов ҳǝм «Сарбиназ» МПЖ ның хаткери қатнасты.
Үлкен өмир гүзарына атланып атырған жасларға мәсләҳәт берилип, университетимиздеги қәнигеликлери менен факультетлер бойынша кеӊнен түсиниклер берди.


М.Таңирбергенов
Қарақалпақ мәмлекетлик университети Математика факультети.