2021/2022- оқыӯ жылы ушын қабыллаӯ барысындағы әҳмийетли ӯазыйпадан келип шығып, жаӊа тапсырмалар белгилеп алынды

▪️Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2021/2022 оқыӯ жылы ушын жоқары оқыӯ орынларына қабыллаӯ басланыӯы мүнәсибети менен университет қабыллаӯ комиссиясыныӊ баслығы,  ректор А.Реймов университеттеги қабыллаӯ жумысларыныӊ барысын көзден өткерди.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде қабыллаӯ барысыныӊ басланыӯы менен иске түскен, абитуриентлер ҳәм олардыӊ ата-аналарына қолайлық жаратыӯ ҳәм оларды қызықтырған сораӯларға тезлик пенен жуӯап бериӯ мақсетинде шөлкемлестирилген “Call center”де ҳәзирги ӯақытта алып барылып атырған жумыслар, ата-аналар ҳәм абитуриентлер ушын Мәсләҳәтханасында жаратылған жағдайлар менен танысып, бир қатар тапсырмалар берип өтти.

Усы жылғы оқыӯға қабыллаӯ барысы ҳаққында абитуриентлер ҳәм ата-аналарға еле де түсиникли болыӯ бағдарында университет әтирапына ҳәр қыйлы бағдардағы баннерлерди илдириӯ бойынша да пикир алысты.

2021/2022- оқыӯ жылы ушын қабыллаӯ барысын еле де жоқары шөлкемлескенлик жағдайында өткериӯ ушын Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ усы жылғы қабыллаӯ комиссиясы ағзалары менен биргеликте жаӊа ӯазыйпалар белгилеп алынды.

 

Гүлжәҳән ТАЖЕТДИЙНОВА.

ҚМУ Баспасөз хызмети

 

 

 

 

Пайдалы дереклер