КОРОНАВИРУСҚА ҚАРСЫ ШАНШЫӮ ЖУМЫСЛАРЫ ЖҮРГИЗИЛМЕКТЕ

Ҳәммемизге белгили, ҳәзирги ўақытта республикамызда халықты басқышпа-басқыш коронавирусқа қарсы ғалаба шаншыў илажлары алып барылмақта. Соңғы күнлерде коронавирус инфекциясы менен кеселлениў жағдайларының артып барыўы, шаншыў илажларын және де тезлестириўди талап етпекте.

Ҳәзирги ўақытта, шаншыўға киргизилген қәўипли топар контингентлерине 50 жастан жоқары ҳәм арнаўлы оқыў-билимлендириў мәкемелери оқытыўшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери – журналист, жазыўшы, блогерлердиң дизими дүзилип, олардың коронавирус инфекциясына қарсы шаншылыўын шөлкемлестириў илажлары басланды.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессор оқытыӯшылары арасында да ҳәзирги ӯақытта коронавирусқа қарсы шаншыӯ жумыслары алып барылмақта.

Шаншыў илажларын өткериўден тийкарғы мақсет – кеселлениўшиликти, сондай-ақ, бул кеселликтен жүзеге келетуғын өлимшилик жағдайларын болдырмаўдан ибарат. Кеселликке қарсы шаншыў өткерилгеннен кейин организмде вирусқа қарсы антиденешелер пайда болады. Бул антиденешелер организимге вирус түскенде кеселлик шақырыў дәрежесине шекем көбейиўге үлгермей турып оларды жоқ етиў ушын организмдеги иммун клеткаларды жибереди. Нәтийжеде, кеселликке шатылыў итималы азаяды. Егер кеселлик жүзеге келген жағдайда, оның жеңил өтиўин тәмийинлейди.

Ҳүрметли жолдаслар, сизлердиң өз ўақтында емлениўиңиз ҳәм карантин қағыйдаларына әмел етиўиңиз тек ғана өзиңизди қорғап қоймастан, жақынларыңыздың да саламатлығын сақлаўда үлкен әҳмийетке ийе.

ҚМУ Баспасөз хызмети

 

Пайдалы дереклер