СТУДЕНТЛЕРДИҢ АРХЕОЛОГИЯЛЫҚ ДАЛА ҚАЗЫЎ ӘМЕЛИЯТЫ НӘТИЙЖЕЛИ ЖУЎМАҚЛАНДЫ

  Өзбекстан өзиниң миллий ғәрезсизлигин алғаннан кейин, Президентимиздиң басшылығында миллий қəдириятларымызды, елимиздеги тарийхый ҳəм мəдений естеликлерди қəстерлеп сақлаў, үйрениў ҳəм кең халық массасына жәриялаў, қорғаўға айрықша дыққат қаратылмақта.

2018-жыл 19-декабрь күни «Материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў тараўындағы хызметти түп-тийкарынан жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-4068-санлы қарары материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў, оларды илимий жақтан үйрениў, ақылға сай пайдаланыў ҳәм  елимиздиң туристлик потенциалын жоқарылатыўда олардың орны ҳәм әҳмийетин асырыўда материаллық мәдений мийрас тараўындағы мәмлекетлик қадағалаўын түптен жетилистириўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Оқыў жобасына сǝйкес Қарақалпақ мәмлекетлик университети тарийх бакалавр тǝлим бағдарыныӊ 1-курс студентлери 2021-жылдыӊ июнь айында Хожели районындағы Миздахкан археологиялық комплексинде әмелиятты өткерди.

Əййемги Миздахкан комплекси тек Өзбекстанда ғана емес, улыўма әййемги шығыс цивилизациясында орны бар дәслепки мәденият ошақларының бири. Буны усы естеликте алып барылған археологиялық изертлеўлер нәтийжелери дәлиллемекте. Быйыл, бул Миздахкан археологиялық топарыныӊ жумыс баслағанына 36-жыл болмақта (1985-2021 жыллар).

Тарийхый жақтан бул қаланың ески аты «МИЗДАХКАН» (Мардаджкан) деп аталып, ол орта әсир араб-парсы тарийхшылары мийнетлеринде келтирилип, бул атама 903-913-жылларда Ибн-Русте, 961-жылда ал-Истахрий, 919-920 жылларда ал-Балхийдиң шығармаларында ушырасады.

985-987-жыллары ал-Макдисий: “Миздакхан үлкен қала, оның дөгерегинде он еки мың рустак (қорған ҳәм үлкен елатлар) бар. Ол майданы жағынан Қыят (Беруний) ҳәм Гурганж (Гөне Ургенш) қалаларынан кейинги Хорезм мәмлекетиндеги үшинши қала, оның дөгереги дийўал менен қоршалған”-деген мағлыўматларды ушыратамыз.

1874-жылы Хожелиде болған шет елликлердиң бири Н.Н.Каразин қаланың әҳмийетлилигин жоқары баҳалаў менген бирге, оның жайласқан географиялық орнына қарай Хожелини «Орта Азияның Венециясы» – деп атаған еди. Оның қала көринисинен тәсирленгенлиги соншелли қалаға кирип турған суў жоллары,  онда жүзип жүрген қайықлар, суў бойына жайласқан саўда орынлары, базарлардың көринисин реңли бояўлар менен жоқары сүўретлеген.

Миздахкан археологиялық комплексин илимий жақтан изертлеў 1928-1929-жылларда басланып, бунда Санкт-Петербург университети профессоры А.Ю.Якубовский Миздахканда қысқа ўақыт Мазлумхан-сулыў махбарасында ҳәм Халифа-Ережеп мешитинде археологиялық бақлаў жүргизип, қаланың топографиялық жойбарын алып, табылған археологиялық материаллар тийкарында естеликтиң хронологиясын анықлайды. Оның жүргизген жумысларының ең әхмийетлиси араб-парсы дереклериндеги Миздахкан естелиги екенлиги ҳаққындағы академик В.В.Бартольд пикириниң әмелде тастыйқланыўында болды. Сондай-ақ, А.Ю.Якубовский Назлымхан-сулыў естелигиндеги қәбир жазыўларын көширип алып, А.А.Некрасов тәрепинен оқылады. Бул жазыўлар араб имласында болып, онда философиялық ўәсият сөзлер, ҳәдис аят келтирмелери екенлиги анықланады. 

1946-жылы Хорезм археология-этнографиялық экспедициясы профессоры С.П.Толстов Миздахкан менен танысқан болса, 1962, 1965-1966-жылларда ӨзРИАҚҚБ алымлары В.Н.Ягодин, Т.К.Ходжаевлар тәрепинен стационар археологиялық қазыў жумысларының алып барылыўы нәтийжесинде, Миздахканның топографиясы ҳаққында көплеген жаңалықлар ашылады ҳәм жүзден аслам исламнан алдыңғы зардуштийлер динине  тийисли оссуариялар, науслар табылады.

1947-жылы естеликтиң архитектуралық объектлерин изертлеген В.И.Пилявский: Мазлумхан-сулыў махбарасы XIII әсирге тийисли, – деген жуўмақ шығарады. 1959, 1966-жылларда архитектор В.М.Филимонов Мазлумхан-сулыўды реставрация қылыў жойбарында қатнасады. Оның пикири бойынша махбара ерте дәўирге тийисли болып, дәслебинде ол жер астында емес, ал жер үстиндеги сарай ретинде салынған, кейин-ала махбараға айландырылған. Н.С.Гражданкина бул естеликтиң қурылыс материалларының технологиясын үйренеди.

1987-1991-жылларда ӨзРИАҚҚБ алымы Ғ.Хожаниязов басшылығында археологиялық стационар қазыў жумыслары даўам еттирилип, Ақ ханақа, жазғы мешит жанындағы тийисли жәмийетлик қурылыслар анықланады.   

Және де археологиялық изертлеўлер 1985-жыллардан баслап ҚМУ археолог алымлары Е.Бижанов, М.Туребеков, М-Ш.Қдырниязов, А.Утемисов ҳәм басқалар тәрепинен алып барылып, жыллар даўамында антик ҳәм орта әсирлерге тийисли мәҳәлле қалдықлары қазып табылады ҳәм ҳәзирги күнлерге шекем бул изертлеўлер даўам еттирилип келинбекте.   

Миздахкан археологиялық комплекси еки төбешиктен ибарат болып, шығыс төбешигинде қойымшылық, батыс төбешигинде Гәўир қала жайласқан. 

Гәўир қала б.э.ш. IV-III әсирлерде қурылған болып, оның хронологиялық шегарасы эр. XIII әсирдиң 20-жылларына тийисли. Қаланың дәрўазасы шығыс тәрепте жайласқан болып, оның ҳәзирги майданы 9 га, 14 метрден аслам бийикликте сақланып қалған ҳәм еки қатар қорған дийўаллар менен қоршалған.  

Қала халқы гүлалшылық, тоқмашылық, зергершилик, шийшесазлық, қурылыс ислери ҳәм де дийханшылық, шарўашылық ҳәм балықшылық пенен де шуғылланған. Қытай, Индия, Иран, Сирия еллери, Волга бойы ҳәм Қара теңиз жағалаўларындағы қалалардың саяхатшылары, миссионерлери ҳәм саўдагерлери усы жерде тоқтап өткен.

Быйылғы изертлеўшилер Гǝўир қаланыӊ шығыс тǝрепиндеги тǝбийғый бийикликтиӊ үстинде қурылған б.э.ш II-мың жыллардын орталарынан баслап – XIII әсирдин 20-жыларына шекемги мǝдений қатламларда археологиялық дала қазыў ǝмелиятын өткерди.

Ол жерден сол дәўирдиң қорған дийаллары ҳәм қаланың мәдений қатламларында қазыў жумыслары өткерилип, онда қорғанның қорғаныў дийўаллары ҳәм оның алдындағы қосымша қурылған қалыңлығы 2 метр болған дийўал ашылды. 

Бул жердиң мәдений қатламын толық казып изертлеў ислери алып барылып, антик дәўирдиң, афригитлер ҳәм хорезмшахлар дәўирине тийисли болған өжирелердиң қалдығы ҳәм гүлал ыдысларының ҳәр түрли формадағы қалдықлары анықланды.

Екинши қатламынан Хорезмшахлар дәўирине тийисли пискен гербиштен (өлшемлери 30х32х5см, 30х30х6 см.) өрилген ески дийўал қалдықлары, сур реңли жиңишке мойынлы гүзелер, хумлар ҳәм ыдыс-табақлар фрагменти анықланды. Олардың айрымларында безениў белгилери бар. Өжирелердиң арқа тәрепинде 1,20 м. тереңликте алебастр (гипс) қалдығы табылды. Және де тастан исленген моншақлар (диаметр 1,2 см.) ҳәм тағы басқа да безениў буйымларының қалдықлары табылды.

Алтын Орда дәўирине тийисли қаланың мәҳәллелери, гүлал қумбызлары ҳәм басқа да өнерментшиликтиң түрлери анықланды. Сол дәўирге тийисли адамлардың жасаған бир-жети өжирелери ашылды. Оларда бир-үш шаңарақтың жасағанлығы белгили болды.   

Анықланған үй өжирелериниң биринде ғәлле сақлайтуғын орынлар қазып үйренилди. Сондай-ақ, оларда үстинде тесиги бар пискен гербиш пенен жабылған ташнаўлар (жуўыныў орынлары) ашылды. Екинши мәҳәлледен адам тикке турып жуўынатуғын орын ҳәм өжирелерди қыздыратуғын кан (қыздырыў ошағы) көплеп ашылды. Буннан басқа да гүлал қубурлардан пайдаланып, шығынды суўлар кететуғын арнаўлы орынлар үйренилди. Нан жаўатуғын 45⁰ қыяланған үлкен форматтағы гүлал-тандырлардың қалдығы анықланды.

Үшинши мәҳәлледе қумбызшылардың гүлал ыдысларын ислейтуғын сегиз қумбыз, усталардың әсбап-үскенелери орналасқан өжирелери қазып үйренилип, қумбызлар еки камерадан ибарат.

Айрым өжире ишиндеги ташнаўдың астында тик жайласқан канализация трубасы ҳәм сур реңли керамика фрагменти табылды. Бул канализация трубасының узынлығы 30 см, ени 20-15 см (бул холмдағы бундай канализация трубасы дәслепки мәрте табылыўы).

Сондай-ақ, басқа да орынлардан кангуйлер, афригитлер, хорезмшахлар, алтын орда дәўирлерине тийисли материаллық дереклер анықланды. 

Жǝне де жай орынларын, хожалық қурылысларын тазалаў, ɵлшеў, сызылмаларын ɵлшем қағазларына түсириў, сүўретке (фото) алыў ислери алып барылды.  

Əмелият ўақтында студент жаслар археологиялық естелик, комплекс, статиграфия, хронология, табылма, пласт, материк, шурф ҳәм бақлаўлар сыяқлы илимий түсиниклер менен дала қазыў ǝмелияты ўақтында жақыннан таныстырылып, түсиниклерин жǝне де беккемлеп барды.  

Сондай-ақ, табылмаларды ўақтында жыйнап алыў, оларды щифрлаў, дизимге алыў ислерин үйренди. Табылмалар бойынша ǝмелий жумысларды жүргизиў ўақтында күнделик жазыў усылларын үйренип, ҳǝр бир ǝмелиятшы жеке күнделик жүритти.

Археологиялық қазыў жумыслары нǝтийжесинде алынған материаллық мǝденият дереклери, қазылған орынлардыӊ жойбарлық көринислери алынып, жуўмағы бойынша Ɵзбекстан Республикасы Илимлер академиясыныӊ Самарқанд қаласындағы Археология институтына тапсырыў ушын жыллық есабатлар таярланылмақта.    

Бул археологиялық дала қазыў ǝмелияты ўақтында т.и.к., доцент М.Туребеков, үлкен оқытыўшы С.Сайпов, (PhD) доцент О.-Ш.Қдырниязов, ассистентлер Ф.Утепбергенов, М.Толыбаев ҳǝм де докторант Ф.Максетовлар тәрепинен ǝмелиятшыларға Мазлумхан-сулыў, Халифа-Ережеп, Гǝўир қала, Шамун-Набий, Жомарт қассап тɵбешиги, Қырқ-Шопан, жазғы ҳәм қысқы мешит сыяқлы тарийхый орынлар бойлап саяхатлар шɵлкемлестирилип, бунда естеликлердиң пайда болыўы, изертлеўлер ўақтында бул естеликлерден табылған материаллық дереклер ҳәм  олар ҳаққындағы ǝпсаналар бойынша кеңнен мағлыўматлар берилди. Әмелиятшылар бул естеликлерди ɵз кɵзлери менен кɵрип, билим ҳәм көнликпелерин және де жетилистирди.     

Дала қазыў ǝмелияты ўақтында табылған материаллық дереклердиӊ айрымлары мысалы: гүлалдан, тастан ҳәм шишеден исленген ыдыслар, сүйектен исленген буйымлар ҳәм тағы басқа да табылмалардың айрым бөлеклери қайта тиклеп, илимий жақтан изертлеп музейге тапсырыў мақсетинде реставрация лабораториясына алынды.

Изертлеў жумыслары тамамланғаннан соӊ, объектлер жабылып, қазылған орынлар бойынша ǝмелиятшылар өз күнделиклерин толықтырып барды ҳәм онда алған билим ҳәм көнликпелерине, түсиниклерине тийкарланып ɵзиниң болжамларын билдирди.

Бул дала қазыў ǝмелияты ўақтында ɵзлериниӊ белсендилигин кɵрсеткен студентлерден 1-а тарийх әмелиятшыларына Сагидуллаев И., Хожамуратова Р., Муратбаев Р, 1-с әмелиятшыларынан Отарбаев Р., Шыныбеков И., Ажимуратова Г., Аймуратова Г,  1-г тарийх әмелиятшысы Ж.Байниязовларды атап ɵтиў орынлы.

Улыўма алғанда дала қазыў ǝмелияты қызықлы ҳǝм нǝтийжели жуўмақланды. Студент жаслар теориялық алған билимлерин тǝжирийбеде жақсы қоллана билди.

Биз ойлаймыз, бундай ийгиликли ислер өз гезегинде елимиздиң илимий потеницалының жоқарылаўында пидәкерлик көрсететуғын ҳәм де келешегинен үмит күттиретуғын қәбилетли, билимли маман қәнигелердиң жетилисип шығыўында унамлы нәтийжесин береди.   

Факультет деканы С.Сулайманов, оқыў ислери бойынша декан орынбасары А.Матчанов,руўхыйлық ислери бойынша декан орынбасары И.Елмуратов, ассистент М.Толыбаелар археологиялық табылмаларды кɵзден ɵткермекте.

Факультет деканы С.Сулайманов, оқыў ислери бойынша декан орынбасары А.Матчанов,руўхыйлық ислери бойынша декан орынбасары И.Елмуратов, ассистент М.Толыбаелар әмелиятшылар менен биргеликте.

 

Ж.Ҳәкимниязов   –  Тарийх факультети «Археология» кафедрасы баслығы., т.и.к., доцент.

 

Пайдалы дереклер