Күнниӊ екинши ярымында Мартон Краснаиды универистет ректоры, профессор А.Реймов қабыллады. Мартон Краснаи ректорға жыллы жүзлилик пенен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, университеттеги имканиятлардыӊ кеӊ екенлигин ҳәм Корвинус универистети Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен бирге ислесиӯге таяр екенлигин айрықша атап өтти.
Профессор А.Реймов Арал ултанында тоғай пайда етиӯде жердиӊ қурамын үйрениӯ, өсимликлерди егиӯ, жаӊа сол шәраятқа шыдамлы өсимлик түрлерин биотехнологиялық изертлеӯлер арқалы пайда етиӯ, халықтыӊ ден саӯлығын жақсылаӯда таза ишимлик суӯ менен тәмийнлеӯ сыяқлы бағдарларда илимий изертлеӯ жумысларын Корвинус университети менен биргеликте алып барыӯ зәрүрлиги ҳаққында тоқтап өтти.
Өз гезегинде Мартон Краснаи Швецарияныӊ LATMA коммерциялық емес шөлкеминиӊ жойбар менеджери есапланады. Ушырасыӯда Қарақалпақ мәмлекетлик университети, LATMA коммерциялық емес шөлкеми ҳәм Арал халық аралық инновациялық орайы ортасында уш тәреплеме шәртнамаға қол қойылды.

Шәртнамаға муӯапық Арал теӊизи әтирапындағы мектеплерди таза ишимлик суӯы менен тәмийнлеӯ мақсет етилген. Бунда Қарақалпақ мәмлекетлик университети алымлары суӯдыӊ қурамын үйрениӯ, пайдалы дәрежесин анықлаӯ, тазалаӯ үскенелерин орнатыӯ ҳәм оннан пайдаланыӯ бойынша техникалық қоллап-қуӯатлаӯға таяр екенлигин билдирди.



Ушырасыӯда Арал халық аралық инновациялық орайы директоры Н. Мырзамуратов Қарақалпақстандағы еӊ үлкен илим изертлеӯ орайы болған Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Арал халық аралық инновациялық орайы ҳәм сырт елли шериклер менен еле де көп жойбарларды әмелге асырыӯ имканиятлары ҳаққында сөз етти.

ҚМУ Баспасөз хызмети