Дағаза!!!

 

 2021-2022 оқыў жылынан баслап ҳәр жылы республика жоқары тәлим мәкемелери студентлери арасында сайлаў ҳуқықы ҳәм де сайлаў процесиниң мазмун-мәниси, пуқаралардың сайлаў ҳуқықлары кепилликлери, сайлаў комиссиялары ҳәм сайлаў процеси қатнасыўшыларының ҳуқық ҳәм миннетлемелерине арналған ең жақсы илимий жумыслар таңлаўын өткериў белгиленген:

 

  1. Таңлаўда республикада жасаўп атырған миллети ҳәм тилине қарамастан 30 жасқа дейинги студент-жаслар қатнасыўы мүмкин.
  2. Таңлаўға материаллар өзбек, орыс, инглиз тиллеринде қабыл етиледи.
  3. Таңлаўға усыныс етилетуғын илимий мақаланы рәсмийлестириў талаплары :

-илимий мақала 14 шрифт (Times New Roman), 1 интервал, беттиң жоқары, төмен, шеп ҳәм оңынан 2 см жыек, 5-6 бет;

 -беттиң оң жоқарығы бөлегине УУК (УДК) қөйылады

-илимий мақала темасы өзбек, орыс, инглиз тиллеринде келтириледи.

 

Кейинги қатарда илимий мақалада автордың (материаллар жалғыз авторлықта қабыл етиледи) Ф. И. Ш.; жоқары тәлим шөлкеминиң аты; тәлим басқышы (бакалавр/магистр), тәлим курсы ; електрон почта адреси; телефон номери көрсетиледи;

 жаңа қатардан илимий мақаланың қысқаша мазмуны/аннотация (өзбек, орыс, инглиз тиллеринде; 4-5 қатар);

-гилт сөзлер (өзбек, орыс, инглиз тиллеринде; 6-10) мақала кирисиў, тийкарғы бөлим, жуўмақ, пайдаланылған әдебиятлар

-дизими (әлиппе тәртибинде) бөлимлеринен ибарат;

-текстте пайдаланылған әдебиятлар дизиминде келтирилген тәртипте номерленген формада, квадрат қаўсырмада келтириледи.

  1. Таңлаў еки басқышта әмелге асырылады :

 1) Таңлаўдың биринши басқышы республика жоқары тәлим мәкемелеринде 1 сентябръ күнине шекем әмелге асырылады, саралап алынған илимий жумыслар жоқары тәлим шөлкеминиң жолланба хаты, жоқары тәлим шөлкеми рецензиясы менен биргеликте жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў Министирлигинде дүзилген исши топарына ҳәр жылы 20-сентябръ күнине шекем усыныс етиледи.

 2) Таңлаўдың екинши басқышында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў Министирлиги исши топары тәрепинен таңлаўға усыныс етилген илимий жумыслар експертизадан өткериледи ҳәм 10 октябръ күнине шекем таңлаў жеңимпазлары анықланып, материаллар топлам формасында баспа етиўге усыныс етиледи.

  1. Таңлаўға усыныс етилген илимий мақалалар төмендеги критерялар тийкарында 100 баллы системасында баҳаланады :
  2. Таңлаўға усыныс етилген илимий жумыслар үш номинация бойынша експертизадан өткериледи:

 1) «Ең жақсы сайлаў нызамшылығы билимданы»;

 2) «Ең жақсы сайлаў тарийхы билимданы»;

 3) «Ең жақсы сайлаў процеси билимданы».

 Ҳәр бир номинация бойынша таңлаў жеңимпазлары (жәми 9 дана )

 

Қосымша мағлыўматлар ушын телефон +998979509860

 Таңлаў тәртиби қосымша етиледи.

Пайдалы дереклер