«Коррупцияныӊ билим сапасына кери тәсири» атамасында ушырасыӯ

2021/2022- оқыў жылы қабыллаў дәўиринде қырағылықты асырыў мақсетинде университет басшы хызметкерлери ҳәм  профессор-оқытыўшылар арасында «Коррупцияныӊ билим сапасына кери тәсири» атамасында ушырасыӯ болып өтти.

 Ушырасыӯды университет ректоры Ахмед Реймов кирис сөзи менен ашып берди.   

«Коррупцияныӊ билим сапасына кери тәсири» атамасында ушырасыӯға Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириӯ министри орынбасары Рахимжон Хакимов қатнасып, 2021/2022- оқыў жылы қабыллаў дәўиринде жоқары билимлендириӯ системасында коррупция иллетин болдырмаӯға қатаӊ жуӯапкершилик пенен қараӯ ӯазыйпасын атап өтти.

Буннан соӊ Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҚР Басқармасы бөлими баслығы Рустем Жарылқағанов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер министрлиги коррупция ҳәм экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў бөлими хызметкери подполковник Тажетдинов Фархад сөзге шықты.

Атап айтқанда, дүньяның барлық раўажланған мәмлекетлери қатарында елимизде де коррупция иллетине қарсы гүреске үлкен итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 6-июльдеги «Коррупцияға қарсы маўасасыз мүнәсибетте болыў орталығын жаратыў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда коррупциялық факторларды кескин азайтыў ҳәм буған жәмийетшиликтиң қатнасын кескин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен коррупцияға қарсы елимизде әмелге асырылып атырған илажлар жаңа басқышқа көтерилди, буған ҳәр биримиз жуӯапкершилик пенен қараӯымыз керек деп атап өтти шығып сөйлеӯшилер.

 

 

ҚМУ Баспасөз хызмети

Пайдалы дереклер