БИЗ ЭЛЕКТРОН QR КОДЛЫ ДИПЛОМЛАР ДӘЎИРИНДЕМИЗ

 

Өзбекстан Республикасында барлық ҳүжжетлер электрон формаға өтиӯине байланыслы 2020-жылдан баслап питкериӯшилердиӊ диплом ҳәм қосымшасы QR кодлы электрон формада тарқатыла баслады. Усы жылғы питкериӯшилердиӊ диплом ҳәм қосымшалары электрон формада барлық студентлерге факультет жуӯапкер хаткерлери тәрепинен жеткерип берилди.

 

Егер сиз диплом ҳәм қосымшаӊыздыӊ электрон вариантын таба алмай атырған болсаӊыз төмендеги көрсетпе арқалы pdf вариантын жүклеп алсаӊыз болады.

 

 

Питкериӯши курс студентлерине диплом ҳәм оныӊ қосымшасыныӊ электрон файлларын Hemis платформасыныӊ студент кабинетине кирместен логин ҳәм паролларсыз жүклеп алыӯ мүмкин.

Бунда:

1) Диплом мағлыӯматларын көриӯ ҳәм электрон файлларын жүклеп алыӯ ушын төменде көрсетилген линкке кириӯ зәрүр:

http://student.karsu.uz

2) Студент өзиниӊ диплом мағлыӯматларын көриӯ ҳәм электрон файлларын жүклеп алыӯ ушын өзиниӊ ПНФЛ кодын киритиӯи керек.

Егерде магистратураға оқыӯға тапсырмақшы болсаӊыз диплом ҳәм қосымшаныӊ электрон вариантын http://magistr.edu.uz сайтына тапсырыӯдыӊ өзи жеткиликли.

Электрон QR кодлы дипломлар ҳақыйқый диплом қатарында жүретуғынлын ескертип өтемиз.

Гүлжәҳән ТАЖЕТДИЙНОВА

ҚМУ Баспасөз хаткери.

Пайдалы дереклер