Дене мәденияты тәлим бағдарында дөретиӯшилик имтиханлар болып өтпекте

Бүгин 28- июль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2021-2022- оқыӯ жылы ушын кәсиплик (дөретиӯшилик) имтиханлар басланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл, 22-июндағы ПҚ 5157-санлы қарары ҳәм 2021-2022-оқыў жылына Жоқары оқыў орынларына қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссиясы қарары талапларын орынлаў бойынша  2021-жылдың 28-июль 5-август күнлери аралығында   Қарақалпақ мәмлекетлик  университетиниң  Дене мәденияты, Спорт искерлиги (гүрес), Вокал көркем өнери, Саз әсбап атқарыўшылығы, Реңли сүўрет, Әмелий көркем өнери бакалавр бағдарларына ҳүжжетлерин тапсырған абитуриентлердиң кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланған кесте тийкарында өткерилиўи нәзерде тутылған.

 Усы кестеге муӯапық 28-июль күни Дене мәденияты тәлим бағдарында азанғы саат 06:30 да дөретиӯшилик имтиханлар басланды. Дөретиӯшилик имтиханға түске шекем 120 абитуриент қатнасқан болса, күнниӊ екинши ярымында да 120 сы дөретиӯшилик имтихан тапсырмақта.

Бул имтиханларды өткериў дәўиринде жәмийетшилик қадағалаўды тәмийинлеў, имтиханларды ашық ҳəм жәриялылық, нызам талапларын сақлаған ҳалда өткериў мақсетинде имтиханларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамшылық, суд-ҳуқық ҳəм коррупцияға қарсы гүресиў мəселелери комитети баслығы З.Реймова, комитет ағзасы Ш.Отемисов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан  кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығы У.Жалменов қатнасты.

 

Ҳақыйқатында да ашық ҳəм жәриялылық тәризде өткерилип атырған имтиханлар ҳақыйқый өз билими ҳәм спорттағы жоқары шеберлиги бар жаслар ушын және бир жақсы имканият болып табылады.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

 

 

 

 

Пайдалы дереклер