⚡️ Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде кәсиплик (дөретиӯшилик) имтиханлар барысын онлайн бақлаӯ жолға қойылды

? Бүгин 29-июль сәнесинде Дене мәденияты тәлим бағдары (ҳаял қызлар спорты жөнелиси) ҳәм Вокал көркем-өнер (түрлери бойынша) кәсиплик (дөретиӯшилик) имтиханлары болып өтти.

Бул имтиханларды өткериў барысы кеӊ жәмийетшилик қадағалаўында болды, имтихан барысын көпшилик интернет тармағы арқалы жанлы эфирде көрип ҳәм бақлап барды. Бул демек, әдил ҳәм ҳақыйқатлықты тәмийинлеў, имтиханларды ашық ҳəм жәриялылық, нызам талапларын сақлаған ҳалда өткериўде үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 6-июльдеги «Коррупцияға қарсы маўасасыз мүнәсибетте болыў орталығын жаратыў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда коррупциялық факторларды кескин азайтыў ҳәм буған жәмийетшиликтиң қатнасын кескин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен коррупцияға қарсы әмелге асырылып атырған илажлар университетимизде жаңа басқышқа көтерилди.

Атап айтқанда, 2021/2022- оқыў жылы қабыллаў дәўиринде қырағылықты асырыў мақсетинде университетте «Коррупцияныӊ билим сапасына кери тәсири», «Жоқары билимлендириӯ коррупциясыз тараӯ» ураны тийкарында бир қатар илажлар әмелге асырылып атыр.

Сол тийкарда университетимизде өткерилип атырған кәсиплик (дөретиӯшилик) имтиханлар онлайн бақлаӯы астында әмелге асырылмақта.

Дөретиӯшилик имтиханлар қай тәризде өтип атыр, бул ҳаққында сиз толық мағлыӯматқа ийе болыӯыӊыз ушын төмендеги  силтема арқалы көрип ҳәм бақлап барсаӊыз болады. https://imtihon.edu.uz/Qoraqalpog’iston/48

 

Гүлжәҳән ТАЖЕТДИЙНОВА.

ҚМУ. Баспасөз хаткери

 

Пайдалы дереклер