
Жақында ғана Фергана ўалаяты Қоқанд қаласында Волейбол бойынша Ҳаяллар ортасында өткерилген Өзбекстан ашық чемпионатында Қарақалпақстан Республикасы волейбол командасы 1 – орынды жеңип алды. Қарақалпақстан Республикасы ҳаял -қызлар волейбол командасы қурамында Бердақ атындағы Қарақалпақ мамлекетлик университети профессор-оқытыўшы ҳаял –қызлары да қатнасты. Олар: Химия-технология факультети оқытыўшысы, факультет ҳаял-қызлар кеңеси баслығы Райхан Калимбетова, Шет тиллер факультети үлкен оқытыўшысы Элмира Меңлимуратова, Озбекстан ҳам Қарақалпақстан тарийхы кафедрасы кабинет баслығы Есбоғанова Гулзира , Шет тиллери факультети ис журитиўшиси Роза Жаксымовалар қатнасып Қарақалпақстан командасының жениске ерисип, чемпионлықты қолға киригизиўинде өзлериниң үлкен үлесин қосты.


Биз бул уллы жеңиси менен университетимизден чемпионатқа қатнасқан ҳаял-қызларымызды ҳәм пүткил Қарақалпақстан Республикасы ҳаяллар волейбол командасын шын кеўилден қутлықлаймыз! Келеси ойынларда да үлкен табыслар тилеймиз!
ҚМУ ректорының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова