Жеңис қутлы болсын!

 

Жақында ғана Фергана ўалаяты Қоқанд қаласында Волейбол бойынша  Ҳаяллар ортасында  өткерилген Өзбекстан ашық чемпионатында Қарақалпақстан Республикасы волейбол командасы 1 – орынды жеңип алды.   Қарақалпақстан Республикасы ҳаял -қызлар волейбол командасы қурамында Бердақ атындағы Қарақалпақ мамлекетлик университети профессор-оқытыўшы ҳаял –қызлары да қатнасты. Олар:  Химия-технология  факультети оқытыўшысы, факультет ҳаял-қызлар кеңеси баслығы Райхан Калимбетова, Шет тиллер факультети үлкен оқытыўшысы Элмира Меңлимуратова,   Озбекстан ҳам Қарақалпақстан тарийхы кафедрасы кабинет баслығы Есбоғанова Гулзира , Шет тиллери факультети ис журитиўшиси  Роза Жаксымовалар қатнасып Қарақалпақстан командасының жениске ерисип, чемпионлықты қолға киригизиўинде  өзлериниң үлкен үлесин қосты.

 Биз бул  уллы жеңиси менен университетимизден  чемпионатқа қатнасқан ҳаял-қызларымызды ҳәм пүткил Қарақалпақстан Республикасы ҳаяллар волейбол  командасын шын кеўилден қутлықлаймыз! Келеси ойынларда  да үлкен табыслар тилеймиз!

 

ҚМУ ректорының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова

 

 

Пайдалы дереклер