Университетимизде Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз жыллык байрамы мүнәсибети менен бир қатар илажлар әмелге асырылып атыр.
Ғәрезсизлигимиздиӊ 30 жыллык байрамы қарсаӊында Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде хызмет ислеп атырған 130 дан аслам бир қатар шаӊарақ перзентлерине орта арнаӯлы билимлендириӯ мектеплериниӊ биринши класына барыӯы мүнәсибети менен университет ректораты ҳәм Кәсиплик аӯқамы тәрепинен оқыӯ қураллары тапсырылды.
Илажды университеттиӊ Жаслар мәселелери ҳәм руӯхый ағартыӯшылық ислери бойынша проректоры С. Алаӯатдинов ашып берип, бүгинги күнде мәмлекетимизде жас әӯладқа қаратылып атырған итибар ҳәм ғамхорлықа айрықша тоқтап өтти.-Университетимизде хызмет ислеп атырған бир қатар шаӊарақ перзентлерине берилип атырған оқыӯ қураллары университет ректораты менен Кәсиплик аӯқамы тәрепинен шөлкемлестирилип атыр. Бундай итибар бизиӊ кишкенелеримиз ушын жақсы итибар деп билемиз, деди ол өз сөзинде.
Мектептиӊ 1-класына қәдем қойып атырған кишкенелердиӊ ата-аналары сөзге шығып, тереӊ миннетдаршылық билдирди.



А.АЛЛАЯРОВ.
ҚМУ Кәсиплик аӯқамы баслығы.