Имканият жаратылған жерде табыслар да даўамлы

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде усы жылдың 4-октябрь күни салтанатлы ушырасыў  болып өтти. Ушырасыў  даўамында университетимиз оқытыўшыларының  ерисип атырған табыслары  менен  илим изертлеў бағдарындағы жетискенлик ҳәм жаӊалықларға  тоқтап ѳтилди.

Ушырасыўда университет ректоры А.Реймов тәлим-тәрбия системасын дәўир талаплары тийкарында жетилистириўге, жасларға илим үйретиўде ҳәм оларды ана-Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўдағы  жемисли мийнетлери ушын  ҳүрметли атақ ҳәм кɵкирек белгиси менен сыйлықланған пидайы окытыўшыларымыздың табысларын мақтаныш етип,  сыйлыкланғанларды қутлықлады.

Олардан; Қарақалпақ мəмлекетлик университетиниң қала қурылысы ҳəм хожалығы кафедрасы профессоры Байманов Кенесбай Ибраймович «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» ҳүрметли атағы, сондай-ақ, университетиниң кадрлар бɵлими баслығы Молодцова Валентина Львовна ҳәм  «Педагогика ҳәм психология» кафедрасы аға оқытыўшысы Пирниязова Наталья Васильевналар «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси, Көркем өнер кафедрасы баслығы Саламат Аяпов «Келажак бунёдкори» медалы менен сыйлықланды.

Соң ушырасыўда докторлық диссертацияларын  жақлаған бир қатар илим изертлеўшилердиң  дипломлары  салтанатлы жағдайда тапсырылды.

 Оқыў дәргайындағы  устазларымыздың мийнетлери менен  изленислери табысларға баслап атырған болса, олардың ҳәр бири дыққаттан шетте қалмай, турақлы түрде қоллап-қуўатланып бармақта.

– Усындай итибар ҳәм имканиятлар жаратылған жерде елеберин табыслар арта береди,- дейди бүгингидей  қуўанышқа ерисип атырған устазларымыз.

ҚМУ Баспасөз хызмети

Пайдалы дереклер