Бүгинги күнде автотранспортлар күнделикли турмысымыздың ең жақын жәрдемшиси болып қалмақта. Мәмлекетимизде халықтың абадан турмысын жақсылаў әсиресе, автомобил ислеп шығарыў санааты избе-излик пенен раўажланып барыўы нәтийжесинде жеке автотранспортлар саны сезилерли дәрежеде асып, жолларда автотранспортлар қатнаўы көбеймекте.
Бул болса ҳәрекетлениў қәўипсизлигин тәмийинлеў, пуқаралардың өмирин ҳәм денсаўлығын, мал-мүликлерин қорғаў нәтийжелигин еледе асырыўды талап етеди. Бул мәселелерге мәмлекетимиз тәрепинен өз алдына итибар қаратылып, тараўдың ҳуқықый механизми беккемленгени ҳәм олар тийкарында бирқатар жумыслар алып барып атырғанлығын өз алдына айтып өтиў орынлы.
Бул бойынша усы жылы 15-октябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экономика факультети студентлерине Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер Министрлиги жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлери тәрепинен профилактикалық жумыслары алып барылды. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер Министрлиги жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баспасөз топары аға инспекторы капитан Салаўат Қәллибеков ҳәм қатардағы киши испектор Тимур Қурбанбаевлар қатнасты.

Капитан Салаўат Қәллибеков ҳәзирги күнде тез-тезден ушырасып атырған жол ҳәрекети қағыйдасын бузыў жағдайларында студент жаслардың да бар екенлиги, усындай бийпәрўалық себебинен аўыр ақыбетли жол траспорт ҳәдийсесиниӊ көплеп ушырысып атырғанлығын анық фактлер менен айтып өтти. Жол ҳәрекети қәделерин бузыўдың ақыбетлери айырым жағдайларда өлим менен жуўмақланып атырғанларын, сондай-ақ, ҳәзирги күнде ҳаял-қызлар арасында да бундай унамсыз жағдайлардың ушырасып атырғанлығын айтты. Илаж даўамында студентлер өзлери қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Илажда Ишки ислер министрлиги хызметкерлери жол ҳәрекети қағыйдаларына пиядалардыӊ да толық әмел етиўин сорап қалды.
А.Қалилаева
Экономика факультети 3 -курс студенти