⚡️ «ImkonLab»  жойбарының финал басқышы жеӊимпазлары анықланды

 2021-жылдыӊ 29-сентябринде Қоӊырат районындағы  Абу  Али ибн Сино атындағы медтехникумда «ImkonLab» жойбарына старт берилген еди. Жойбардың әҳмийетли тәрепи жаслар жаңа кәсиплик кѳнликпелерди ийелеп, шаңарағы (дослары, қоңсылары,)ның күнделикли турмысында жүз берип атырған машқалаларды шешиў, соның менен бирге, идеяларды моделлестириў, раўажландырыў ҳәм әмелге асырыў ушын 1000 доллар утып алыў имканиятын береди.

Илажға 16-25 жас аралығындағы жаслардан жәми 10 топар дүзилип, олар ѳз жойбарлары менен қатнасты.

29-сентябрден 12-октябрь күнлери даўамында шѳлкемлестирилген тренингте жойбарлар толық ислеп шығылып, қатнасыўшы топарлардың билим ҳәм кѳнликпелери беккемленди.

            Нәтийжеде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студент жасларынан дүзилген «Лидерлер» топары тәрепинен таярланған “Қоӊырат районындағы экологиялық шығындыларды қайта ислеў” жойбары төрешилер қурамы тәрепинен жоқары баҳаланып, жеңимпаз топарлардан бирине айланды ҳәм ислеп шыққан жойбарын әмелге асырыў ушын 1000 доллар менен қаржыландырылатуғын болды. Усы топар қурамында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң “Электр станциясы” тәлим бағдарының 2-курс магистранты Ережепов Қуанышбай Даулетбаевич, “Электр энергетикасы” тәлим бағдарының 4-курс студенти Ибрашов Нурсултан Бердах улы, “Қурылыс материаллары, буйымлары ҳәм конструкциялары” тәлим бағдарының 1-курс магистранты Алласугиров Нурмухаммед Бахтияровичлар қатнасып, жеӊимпазлар қатарынан орын алды.

 

 

Пайдалы дереклер