2021-жыл 1-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәденият сайрайында Қурылыс факультети профессор-оқытыӯшылары ҳәм студент жаслар қатнасында ушырасыӯ өткерилди. Ушырасыӯ өткериӯдеги тийкарғы мақсет, студентлердиӊ тәлим-тәрбиясы, гүз-қыс мәӯсиминде өртден ҳәм ийс газинен зәҳәрлениӯдиӊ алдын алыӯ.
Ушырысыӯды факультет деканы Т.Узақов ашты ҳәм басқарып барды.
Сондай-ақ ушырасыӯда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова, Нөкис қаласы имам ийшан Мухаммед мешити имам орынбасары Қ.Турдымуратов, Нөкис каласы 3-санлы ишки ислер бөлими профилактика инспекторы А.Төрениязов, Нөкис қалалық Айрықша жағдайлар бөлими инспекторы З.Вайсовлар өзлериниӊ баянатлары менен қатнасты. Ушырасыӯ даӯамында студент жаслар өзлериниӊ қызықтырған сораӯларына қәнигелерден жуӯаплар алды.



Жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасары С.Нурниязов