Экономика факультетиниң «Финанс» кафедрасы баслығы Қудияров Кишибай 4а-«Финанс» топары студентлерине «Салықлар ҳәм салыққа тартыў» пәнинен «Физикалық шахслардың дәраматларын салыққа тартыў» атамасындағы әмелий сабағын Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасында шөлкемлестирди. Әмелий сабақты өтиўде Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы хызметкерлери басқарма баслығы орынбасары Алиев Омирбек Турсынбаевич ҳәм бөлим баслығы Утамбетов Мурат Полатовичлар әмелий жақтан жәрдем берди.
Сабақ барысында студентлер теориялық билимин әмилий сабақ пенен беккемледи.
