⚡️Санаат технологиясы факультети студенти ϴзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ стипендиясына ылайық деп табылды

11-ноябрь Кәсиплик аўқамлары күни! Усы сәнениӊ жәрияланғанына бир жыл толыўы мүнәсибети менен жоқары оқыў орынлары ҳәм де кәсиплик аўқамлары искерлигин раўажландырыўда белсендилик көрсетип атырған, социаллық қорғаўға мүтәж жасларды хошаметлеп барыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде Жоқары оқыў орынларыныӊ социаллық қорғаўға мүтәж студентлери ушын ϴзбекстан Кәсиплик Аўқамлары Федерациясыныӊ стипендиясы шөлкемлестирилди.

ϴзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ стипендиясы ушын ϴзбекстан Кәсиплик Аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеӊесине Қарақалпақстан Республикасындағы барлық Жоқары оқыў орынларынан социаллық қорғаўға мүтәж студентлер усыныс етилди. Солар қатарында Қарақалпақ мәмлекетлик университети кәсиплик аўқамы тәрепинен усыныс етилген Санаат технологиясы факультети 4-курс студенти Наурызбаев Жанибек ϴзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ стипендиясына ылайық деп табылды.

Наурызбаев Жанибекти  ϴзбекстан Кәсиплик Аўқамлары Федерациясыныӊ стипендиянты болғаны менен Университет ҳәм Санаат технологиясы факультети жәмәәти атынан қызғын қутлықлап алдағы оқыўы ҳәм жумысларына табыслар тилеймиз.

                                                                    Санаат технологиясы факультети деканаты

Пайдалы дереклер