Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы жоқары тәлим системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаккында»ғы 2019-жыл 8-октябрьдеги PF-5847-санлы Пәрманы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Жоқары билимлендириў мекемелеринде тәлим процессин шөлкемлестириў менен байланыслы системаны қәлиплестириў ис-илажлары ҳаққында» ғы 2020-жыл 31- декабрьдеги 824-санлы ҳәмде «Республика жоқары билимлендириў мекемелеринде студентлерди турар жай менен қамтып алыў дәрежесин асырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 2021-жыл 9-сентябрьдеги 563-санлы қарарларында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў тәртиби ҳәм бағдарлары белгилеп берилди. Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақ мамлектилик университети Экономика факультети ҳаял-қызлар кеңеси жетекшиси, тьюторлары ҳәм университет писхологи менен №5 санлы студентлер турар жайында «Шаңарақ ең уллы дәргай ҳәм онда қызлардың орны» темасында дөгерек стол әтирапында сәўбетлесиў кешеси шөлкемлестирилди. Кешеде университет психологы Г.Реймова шаңарақ ҳаққында қызларға кеңнен түсиник берди. Ҳаял-қызлар кеңеси жетекшиси Э.Маденова қызлардың тәлим-тәрбиясында университеттиң айырықша орны ҳаққында айтып өтти. Соның менен бирге кийиниў, сөйлеў мәденияты жәмийетлик орынларда өзлерин тутыўы, универститет ишки тәртип- интизамын түсиндирип өтти. Тьютерлер студент қызлар менен жақыннан танысып режелери менен бөлисти. Қызлардың пикир ҳәм усыныслары инабатқа алынып, реже тийкарында ҳәр қыйлы ис-илажлар шөлкемлестириў ҳаққында сәўбет алып барылды.

