Магистратура бөлиминде Аксилкоррупция ҳәптелиги шеңбериндеги ушырасыўда әҳмийетли мәселелер сөз етилди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Магистратура бөлиминде  «9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў» күнине арналған Аксилкоррупция ҳәптелиги шеңберинде ушырасыў болы өтти.  

Ушырасыўды магистратура бөлими баслығы Илимпаз Алламбергенов шығып сөйлеп, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бир қанша унамлы жумыслар алып барылып атырғанлығы ҳәмде оның унамсыз жағдайларға алып келиўи ҳаққында айтып өтти.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы криминалист прокуроры Ерполат Ауезов  шығып сөйледи. Ол өз сөзинде Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гуресиў агентлигиниң 2021-жыл, 5-ноябрь күнги 01-10-01/7173-санлы хаты ҳәм 9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гуресиў күнине арналған аксилкоррупция ҳәптелиги жобаларының  мазмуны ҳәм талаплары ҳаққында, дәмегөйшилик, парахорлық иллетлерине қарсы гүресиў,  тийисли шара-илажлар көриў кереклигин айтып өтти ҳәм соңғы жыллары Республикамызда болып атырған коррупциялық жағдайлардың статистикасы ҳаққында мағлыўматлар берип, коррупцияны болдырмаў оның алдын алыў бойынша бир қанша усынысларын билдирди.

Ушырасыў барысында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги хызметкери Қутлымуратова Насиба бүгинги күнде басым көпшилик коррупциялық жағдайлар халықтың ҳуқықый саўатлылығы төмен қатламларында ушырасып атырғанлығы, коррупция сөзиниң мәниси, қандай жағдайларда коррупциялық жағдайлар жүз бериўи ҳәмде Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексинде көрсетилген (210 статья-Пара алыў, 211-статья Пара бериў212-статьяПара алыў-бериўде дәлдәлшылық етиў, 214 -статьяТаўламашылық  жолы менен ҳақ бериўди талап етиў, 168-статьяалдаўшылық) статьяларындағы жуўапкершиликлер ҳаққында таныстырды. 

ҚМУ коррупцияға қарсы гуресиў комплаенс қадағалаў бөлими баслығы К.Утениязов сөзге шығып, университетимизде коррупцияға қарсы гуресиў комплаенс қадағалаў бөлими ис баслағанлығын, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ашылған телеграм бот (@QRKQGAK_bot) мәнзиллерин магистрант жасларға берип, усы жаман иллеттиң университетимизде, қалаберсе республикамызда болдырмаўдың алдын алыўға жақыннан жәрдем бериўге шақырды.

Өткерилген ушырасыўда магистрантлар өзлери ушын әҳмийетли болған мағлыўматларға ийе болып, келешекте дәмегөйшилик, парахорлық иллетлерине қарсы гүресиў ҳәр бириниң бас ўазыйпасы болып қалыўы кереклигин аңлап жетти.

 

 

Пайдалы дереклер