Көпшилик жағдайларда үйлерде ысытыў қазанлары ҳәм де газ плиталары гүз-қыс мәўсиминен алдын техник сазлығы тексериўден ѳткерилмегенлиги нәтийжесинде ҳәр жылы пуқаралар арасында ийис газинен зәҳәрлениў менен байланыслы кеўилсиз жағдайлар жүз бермекте.
«Худудгаз» Қарақалпақстан газ тамийнаты филиалы директоры Қ.Айманов, Қарақалпақстан Республикасы айрықша жағдайлар басқармасы баслығы А.Давлетов ҳәм усы мәкемелердиң хызметкерлери Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып, студент жаслар менен ушырасыўлар өткерди.

Ушырасыўда университет проректоры С. Алауатдинов студентлер арасында ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў бойынша алып барылып атырған профилактикалық түсиндириў ҳәм үгит-нәсият жумыслары бойынша айтып өтти.

Студент-жаслардыӊ ийис газинен зәҳәрлениўи, газ-ҳаўа араласпасы жарылыўы, ѳрт ҳәм де басқа да айрықша жағдайлардыӊ келип шығыўыныӊ, еӊ тийкарғысы инсанлардыӊ набыт болыўы менен байланыслы кеўилсиз жағдайлардыӊ алдын алыў мақсетинде өткерилген ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы айрықша жағдайлар басқармасы, «Худудгаз» Қарақалпақстан газ тамийнаты филиалы қәнигелери университеттиң жуўапкер хызметкерлери менен биргеликте студентлер арасында болып, түсиндириў ҳәм үгит-нәсият жумысларын алып барды.

