2022-2026-жылларда студентлерди жатақхана менен тәмийинлеӯ дәрежеси 60 пайыздан асырылады

Көп жыллардан бери студентлердиӊ жатақхана менен тәмийинлениӯ мәселеси жүдә әҳмийетли болып келмекте. Әсиресе, соӊғы жылларда жоқары билимлендириӯ мәкемелерине студентлерди қабыллаӯ кескин көбейгенлиги себепли, бул машқала және де қурамалы түс алды. Бирақ, усы күнлерде пикир алысыӯға қойылған Өзбекстан Республикасыныӊ 2022—2026- жылларға мөлшерленген раӯажланыӯ стратегиясында усы машқаланы шешиӯ жоллары белгилеп өтилген.

Өзбекстан Республикасыныӊ 2022—2026- жылларға мөлшерленген раӯажланыӯ стратегиясында жоқары билимлендириӯ тараӯында бир қатар өзгерислер көзде тутылмақта.

Атап айтқанда, раӯажланыӯ стратегиясында шама менен 100 мыӊ орынлы студетлер турар үйлерин қурыӯ, буныӊ ушын мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында жойбарларды қаржыландырыӯдыӊ қолайлы усылларын жолға қойыӯ режелестирилген.

Сондай-ақ, 2022- жылда 18 800 орынлы 47 турар үйлерин, 2026 –жылға шекем болса 72 400 орынлы 181 студентлер турар үйлерин қурыӯ нәтийжесинде студентлерди жатақхана менен тәмийинлеӯ дәрежесин 60 пайыздан асырыӯ белгиленбекте.

Раӯажланыӯ стратегиясында 2026-жылға шекем мәмлекетлик емес жоқары билимлендириӯ оқыӯ орынлары санын кеминде 50ге, жәми жоқары билимлендириӯ мәкемелери санын 200 ге жеткизиӯ белгиленген болып, ҳәр бир аймақта жоқары билимлендириӯге болған талаптан келип шығып, кеминде 1 мәмлекетлик емес жоқары билимлендириӯ мәкемеси шөлкемлестириледи.

 

Пайдалы дереклер