Хабарыӊыз бар, Республикамызда барлық оқыў орынларында қысқы дем алыс 2022-жыл 24-январға шекем созылды. Университетимиздиң Санаат технологиясы факультетинде де студентлердиң қысқы дем алыс ўақытларын пайдалы ҳәм мазмунлы өткериў мақсетинде факультет профессор-оқытыўшылары арнаўлы кесте тийкарында студентлер менен ҳәр күни Zoom бағдарламасы арқалы онлайн ушырасыўлар, семинарлар өткерип келмекте.
Ушырасыў ҳәм семинарлардың тийкарғы мақсети профессор-оқытыўшылар тәрепинен студентлерге тәлим-тәрбия жумысларын алып барыў, тәлим бағдарлары бойынша өтилетуғын қәнийгелик пәнлеринен мәсләҳәт саатларын өтиў арқалы пәнге қызығыўшылығын асырыў менен бирге дем алыс дәўиринде жасларды бос ўақытларын үнемли пайдаланыўға үйретиўден ибарат.
Соны да айтып өтиўимиз керек, студентлеримиз бос ўақытларын пайдалы ҳәм мазмунлы өткериў мақсетинде Университетимиз ҳәм факультетимиз тәрепинен қысқы дем алыс ўақтында өткерилип атырған онлайн таӊлаўларға да белсенди қатнасып атыр. Бизиң мақсетимиз де олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, пайдалы нәрселер менен шуғылланыўға шақырыў болып есапланады.


Санаат технологиясы факультети жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Ш.З.Мусиров