«Академиялық ҳәм финанслық еркинлик имканиятлары» атамасында семинар-тренинг болып өтти

Журналистика кафедрасында бүгин, 14 январь күни арнаӯлы семинар өткерилди. Оны филология илимлери докторы, доцент З.Оразымбетова алып барып, «Академиялық ҳәм финанслық еркинлик имканиятлары» атамасындағы слайд жумысы арқалы профессор-оқытыӯшыларға кеӊ мағлыӯматлар берди.

Семинарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2021-жыл, 24-декабрьдеги «Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына финанслық еркинлик бериў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-60-санлы қарарыныӊ мазмуны ҳәм  әҳмийети ҳәм оннан келип шығатуғын ўазыйпалар ҳаққында сөз етилди.

 Семинар тренингде жоқары оқыў орынларында әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли реформалар нәтийжелигин асырыў,мәмлекетлик жоқары оқыў орынларыныӊ финанслық турақлы раўажланыўын тәмийнлеў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў мәселелеринде еркинликке ерисиў, илимий-изертлеўлер алып барыўда финанслық имканиятларды кеӊейтириў ҳәмде жоқары оқыў орынлары ортасында бәсеки орталығын жаратыў бойынша имканиятлар ҳаққында айтып өтилди..

 Семинарда кафедраныӊ профессор-оқытыӯшылары тәрепинен Президент Қарары кеӊ түрде талыкланды хәм қарардыӊ әҳмийети ҳаққында пикирлер билдирилди.

Пайдалы дереклер