Жоқары оқыў орынларында 24-январь күнинен баслап бир ай мүддет даўамында оқыў аралықтан (онлайн форматта) алып барылады

Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызметиниң усынысларынан келип шығып коронавирус инфекциясы жаңа штаммының балалар ҳәм жаслар арасында тарқалыўы жоқарылығын есапқа алған ҳалда барлық жоқары (мәмлекетлик, мәмлекетлик емес, жеке меншик ҳәм сырт ел филиаллары) ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери, академиялық лицейлерде (барлық билимлендириў формалары ҳәм түрлери бойынша) оқыў процеси усы жылдың 24-январь күнинен баслап бир ай мүддет даўамында аралықтан (онлайн форматта) алып барылады. Бунда топланған тәжирийбеден келип шығып онлайн оқытыў процеси сапалы етип шөлкемлестирилип, барлық зәрүр ресурслар мобилизацияланады.

 

Темиржол билетлериниң тариф бөлиминен 50 процент муғдарындағы шегирмелери сақлап қалынады және 2022-жыл 24-февральға шекем авиа ҳәм темиржол билетлери бийпул тәризде басқа мүддетке алмастырып бериледи.

Усы мәселелерди муўапықластырыў мақсетинде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинде арнаўлы штаб шөлкемлестирилген болып, 21-январь саат 09:30 дан барлық шөлкемлестириў мәселелери бойынша төмендеги исеним телефонларына (1006, 71 2469745, 71 2462863) мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

 

Эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып, жол билетлерин алмастырыўды бир айлық мүддет даўамында қайтыў сәнеси анық болғаннан кейин асығыслық етпестен әмелге асырыў соралады.

Пайдалы дереклер