STUDENTLER MOBILLIGI HAQQÍNDA XABARLANDÍRÍW

ERASMUS+ халық аралық кредит мобиллиги жойбары шеңберинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен Италияның Саннио университети (https://www.unisannio.it/en) академиялық бирге ислесиўди буннан былай раўажландырып, келешектеги билимли қәнийгелерин таярлаўды мәқсет етпекте. Таңлаўға қатнасыў ушын енгизилген бағдарламалық тәмийнлениўди ислеп шығарыў бойынша талапкерлерди (ҚМУ магистрантлары менен PhD докторантлары) шақырады.
Талапкерлер мынадай лаўазымға ҳүжжетлерин усынады:
• 3 айлық қысқа курс ушын cтудентлер стипендиясы
Талапкерлерден төмендегидей ҳүжжетлер қабыл етиледи:
• Өзи ҳаққында мағлыўмат (Euro Pass CV)
• Мотивациялық хат
• Рекомендация хатлары (2 адамнан)
• Инглис тилин билиўи туўралы гуўалығы (бар болса, егер болмаса талапкерлер ушын сәўбетлесиў шөлкемлестириледи).
МҮДДЕТ: Ҳүжжетлер 2022-жылдың 12-февраль саат 18:00-ге дейин қабылланады.
Байланыс ушын: жойбар координаторы Бахытбай Палуанов тел.: +998913741498
Халық аралық байланыслар бөлими тел.: +99861 2236655
E-mail: bpnj@mail.ru; int.corp.karsu2019@gmail.com
Ҳужжетлердиң қағаз варианты ҚМУдың Бас имаратының 3-қабатындағы халық аралық бөлиминде қабыл етиледи.

Пайдалы дереклер