«АКАДЕМИК ТУЎЫЛЫП ӨСКЕН ДӘРГАЙ» атамасындағы ушырасыў

Бүгин, 10-февраль күни Қараөзек районында Академик Сабыр Камалов атындағы Аўыл пуқаралар жыйынында «АКАДЕМИК ТУЎЫЛЫП ӨСКЕН ДӘРГАЙ» атамасындағы ушырасыў болды.

 Ушырасыўға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Тарийх факультети профессор оқытыўшылары, Академик С.Камаловтың аўылласлары, туўған-туўысқанлары, мектеп оқытыўшылары ҳәм оқыўшылар қатнасты.

   Ушырасыўды Тарийх факультети деканы С.Сулайманов ашты ҳәм Академик Сабыр Камаловтың илимге қосқан үлеси ҳаққында мағлыўмат берди. Илимпаздың Орайлық Азияның белгили тарийхшыларының бири екенлигин ҳәм оның илимий мийнет жолын айтып өтти. Және де Экономика  факультети деканы Т.Жиемуратов шығып сөйлеп, академиктиң өмири ҳәм инсаныйлық пазыйлетлери ҳаққында атап өтти.

   Оннан кейин академик С.Камаловтың қызы, социология илимлери кандидаты, доцент Х.Камалова «Ата-жолы-үлги жол» атамасында баянат жасады. Археология кафедрасы доценти Ж.Айтмуратов шығып сөйлеп, Қарақалпақстанда тарийх мектебин жаратқан академиктиң өмир жолы, дөретпелери, халқымыз ушын ислеген пидайы мийнетлерин таныстырып, жасларға ҳәзирги күндеги илимниң әҳмийетин түсиндирди ҳәм берилген сораўларға жуўап берди.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы кафедрасы баслығы И.Елмуратов сөзге шығып, «Академик С. Камаловтың өмири ҳәм дөретпелери жаслар нәзеринде» атлы баянаты менен қатнасып С.Камаловтың илим ҳәм жеке өмириндеги қыйыншылықлар ҳәм сол қыйыншылықларды өмирлик жолдасы менен бирге басып өткенлигин ҳәм бул жоллар уллы қаҳарманлық екенлигин айтып өтти.

   Буннан соң бир қатар аўылласлары шығып сөйлеп, өзиниң туўылып өскен елине көрсеткен хызметлери, жасларымызға берген тәлим-тәрбиялық ағла пазыйлетлерин мақтаныш пенен тилге алды.

Ушырасыў даўамында жәмийетимиз тараўларын раўажландырыў жолындағы реформалар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

 

З Сапаров

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы кафедрасы оқытыўшысы

Пайдалы дереклер