«ҚАҲАРМАН ОҚЫҒАН МЕКТЕП» атамасында үш әўлад ушырасыўы

 Дүнья көлеминде үлкен тарийхый өтмишке ийе болған, өзиниӊ пайда болыў ҳәм раўажланыўдыӊ узақ жолын басып өткен соцаллық гуманитар пән тараўларынан бири археология пәни есапланады.  

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Қараѳзек районы ҳәкимияты менен биргеликте 2022-жыл 12-февраль күни Қараөзек районы “Есим” АПЖ №1-санлы улыўма билим бериў мектебинде Өзбекстан Қаҳарманы, профессор Ғайратдин Хожаниязовты еслеп «ҚАҲАРМАН ОҚЫҒАН МЕКТЕП» атамасында үш әўлад ушырасыўы кешеси болып өтти.

Ушырасыўға Қараөзек районы ҳәкими У.Утамбетов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов, Тарийх факультети деканы т.и.к., доцент С.Сулайманов, ҚМУ «Хабаршы» журналы бас редакторы, аға оқытыўшы М.Турсынмуратов, , Тарийх факультети «Археология» кафедрасы баслығы, т.и.к., доцент Ж.Хакимниязов, Тарийх факультети «Археология» кафедрасы доценти., т.и.к. М.Туребеков, «Археология» кафедрасы ассистент оқытыўшылары Ф.Утепбергенов, М.Толыбаев, Ғ.Хожаниязовтың туўған-туўысқанлары, ел ағалары, перзентлери, сондай-ақ, устаздың кәсиплеслери, тийисли тараў хызметкерлери, шәкиртлери ҳәм де район жаслары қатнасты.

Ушырасыўды өткериўден баслы мақсет, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген устаздың атын мәнгилестириў, пидәкерлик мийнетлерин, тарийх бетлеринде ашылған жаңалықларға қосқан үлеслерин келешек әўладқа кеңнен танытып барыўдан ибарат.

Бул ушырасыў районындағы Қаҳарман оқыған мектепте болып шөлкемлестирилип, Қараөзек районы ҳәкими У.Утамбетовтың кирис сөзи менен басланды.  

 Баянатшылар өз сөзлеринде Ғ.Хожаниязовтың Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими тарийх институтының археология бөлиминде тәжрийбели алымлар менен биргеликте дала изертлеў жумысларын алып барыў ўақтындағы искерликлери, Қырантаў төбелигинде 2000-жылдан баслап Франциялы алымлар менен биргеликте изертлеў жумыслары жүргизилген дәўирлери, оның пидайылық мийнетлери нәтийжесинде Қубла Арал бойы археологиясында ҳәм Хорезм ўалаяты аймағындағы тарийхый орынларынан бир неше археологиялық естеликлердиң ашылыўындағы ҳызметлери, сондай-ақ Қарақалпақ археологиясын изерлеўлер барысында тарийхый естеликлерден табылған материаллық дереклер менен байытыўда қосқан бийбаҳа үлеслери ҳаққында кеңнен түсиниклер берилди.

Мархум устаздыӊ илимий искерлиги көп қырлы болып, ўатанымыз тарийхы ҳәм мәдениятына тийисли көплеп тараўларды қамтып алған еди. Қарақалпақстандағы антик дәўир ҳәм орта әсирге тийисли материаллық мәдениятты, археологиялық объектлерди изертлеўлерде  Европа, Россия, Австралия ҳәм Америкалы  қәнигелер – археологлар, антропологлар Қарақалпақстанлы илимпазлар менен биргеликте турақлы ҳәм стационарлы изертлеў жумысларын алып барғанлығы сөз етилди.

Сондай-ақ, Қараѳзек районы 1-санлы орта мектептиң 9 а класс оқыўшысы М. Жақсылықова Ғ.Хожаниязовқа Т.Кабулов тәрепине арнап жазылған қосық катарларын оқып еситтирди.  

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанда археология ҳәм тарийх илимлериниң   қәлиплесиўи ҳәм раўажланыў басқышларында салмақлы үлес қосқан, Өзбекстанның археология  илимин  жәҳән археологиясы  көлемине танытқан, Қарақалпақстан тарийхының материаллық мәденияты ҳәм де бийбаҳа археологиялық объектлеринде қырқ бес жылдан аслам ўақыт даўамында турақлы,  хармай-талмай мийнет еткен, жақсылық жолын өзиниӊ өмирлик принципи етип алған устаз ҳәм баўыры кеӊ  инсан, миллий  мәдениятымыздың пидайысы – Өзбекстан Қаҳарманы, археолог – алым Ғайратдин Хожаниязовтың өмир жолы, илимий изертлеўлердеги мәртлик ҳәм мәнаўий хызметлери әлбетте келешек жасларға үлги ҳәм мақтаныш бола алары сөзсиз.

Ушырасыў соңында Раойн ҳәкимлиги тәрепинен шѳлкемлестириўшилерге ьиннетдаршылық билдирилди.

Ушырасыў мазмунлы өткерилип, жуўмағында Ғайратдин Хожаниязовтың ийгиликли ислерине бағышланған видео-ролик ҳәм презентациялар қатнасыўшылар нәзерине усынылды.

 

 

Қарақалпақ мәмлекетлик университети,

Тарийх факультети

 

“Археология” кафедрасы үлкен оқытыўшысы                     С.Сайпов,

“Археология” кафедрасы ассистенти                               М.Толыбаев

Пайдалы дереклер