Жетик қәнигелер журт таянышы

Усы жылдың 14-февраль күни  Экономика факультетиниӊ 2021/2022-оқыў жылы питкериўшилери менен илим, билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясын тәмийинлеў, соныӊ менен биргеликте питкериўшилерди жумысқа жайластырыў мақсетинде АКБ “Асака банк” Қарақалпақстан Республикасы филиалы «Киши бизнес ҳәм хызмет көрсетиў» бөлими жетекши қәнигеси Д. Аллаяров ҳәм «Корпоратив хызмет көрсетиў» бөлими  баслығы Д.Утепбергенов пенен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўдан тийкарғы мақсет Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июльдағы «Жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаўдың сапасын арттырыўда экономика салалары менен тармақларының қатнасын буннан былай да кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарларында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў болып табылады.Усы ушырасыўдан келип шығып питкериўшилердиң билим тәжрийбеси менен танысыў мақсетинде олар менен сәўбетлесиў алып барды. Сәўбетлесиў жуўмағында тараў ўәкиллери  питкериўшилерди бирге ислесиўге ҳәмде жумысқа жайласыўында әмелий жәрдем бериўге таяр екенлигин билдирип ѳтти.

Пайдалы дереклер