Соӊғы жылларда мәмлекетимизде коррупцияныӊ алдын алыӯ ҳәм оған қарсы гүресиӯ, мәмлекет ҳам жәмийет қурылысыныӊ барлық тараӯларында коррупциялық факторларға шек қойыӯға қаратылған кеӊ көлемли реформалар даӯам етпекте.
Бүгин, 16-февраль күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып өткен ушырасыӯға Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаӯда нызамшылық орынланыӯы үстинен бақлаӯ бөлими прокуроры, 2 дәрежели юрист Эленора Омирзаковна Кайпова қатнасып, «Коррупцияға қарсы гүресиӯ ҳаққында»ғы Нызам ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиӯ мәмлекетлик бағдарламалары ҳаққында кеӊ түрде түсиник берди.
Тиккелей коррупцияға қарсы гүресиӯ менен байланыслы искерлиги ҳәм бул бойынша әмелге асырылған ислер ҳәм шешимин күтип турған машқалаларға қысқаша тоқтап өтти.
Тийкарынан, Жоқары ҳәм орта арнаӯлы билимлендириӯ мәкемелеринде «Коррупциясыз тараӯ» жойбарын әмелге асырыӯ мақсетинде ҳәм жасларға коррупцияға қарсы гүресиӯ тараӯында ҳуқықый билим бериӯ бойынша комплекс ис-илажлар ислеп шығылып, жоқары ҳәм орта арнаӯлы мәкемелериниӊ оқыӯ бағдарламаларына коррупцияға қарсы гүресиӯ темаларын және де көбейтиӯ бойынша прокуратура хызметкерлери менен турақлы рәӯиште бир қатар унамлы ислер әмелге асырылмақта, деп атап өтилип, ҳәр бир тараӯда ушырасып атырған коррупция иллетиниӊ жоқары оқыӯ орынларында да ушырасып атырғанлығы ҳаққындағы мағлыӯматлар келтирилди.
Ушырасыӯ жуӯмағында, коррупцияныӊ ҳәр қандай көринисине қатаӊ шаралар көремиз ҳәм бул ҳаққында тағы да сизлерге мәлим етемиз, деген шақырық ойлаймыз ҳәр бир адамды сергекликке шақырады.


Коррупцияға қарсы гуресиӯ; комплеанс бақлаӯ; бөлими баслығы Утениязов Кеулимжай