Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Экономика» факультети кафедралары ҳәм АҚШтың абырайлы жоқары оқыў орны есапланған Хартўик колледжи «Экономика» кафедраларының шериклигинде 2022-жылдың 22-февраль сәнесинде «Миллий экономикалардың раўажланыўында мәмлекет стратегияларының әҳмийети» атамасындағы халықаралық илимий семинар болып өтти. Семинар жүзбе-жүз ҳәм виртуаль алып барылды. Семинарда Қарақалпақ мәмлекетлик университети, АҚШтың Хартўик, Ташкент финанс институты, Ташкент қаласындағы Ёджу техникалық институты, Ташкент мәмлекетлик экономикалық университети, ТашМАУ ҳәм Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты ҳ.т.б. жоқары оқыў орны профессор-оқытыўшылары, илим изертлеўшилер, магистрлар ҳәм зийрек студентлер белсене қатнасты.

Бул халықаралық илимий семинар ҚМУ оқытыўшысы З. Тажекеев Американың халықаралық тәлим бойынша кеңеси оқытыўшылардың қәңигелигин асырыў бағдарламасы (TheFEP) бойынша 2021-жыл август айынан 2021-жыл декабрь айлары аралығында өтеген қәнигелик асырыўы нәтийжесинде АҚШлы Лаурэнс Дж. Мэлоун менен бирге бир қанша илимий мәселелерде пикир алысып турыўы, мәмлекет экономикаларының раўажланыўда мәмлекет сиясатының әҳмийети ҳәм өз-ара экономикалық мәселелерде қызығыўшылықлары нәтийжесинде режелестирилген еди. Бул реже Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, профессор А. Реймов, проректор, профессор И. Турдымамбетов, Хартўик колледжи басшылығы, кең профессор-оқытыўшылар жәмәәти қоллап-қуўатлаўында, атап айтқанда доц. Т. Жиемуратов, доц. С. Байжанов, доц. Р. Адильчаев, проф. Г. Утемуратова, доц. К. Қудияровлар ҳәм статистика мәселелеринде мәсләҳәтши, доц. Б. Мырзановтың ҳәм ис қағазларын таярлап барған доц. С. Утегеновалардың жәрдеминде әмелге асырыў мүмкин болды.

АҚШлы Лаурэнс Дж. Мэлоун семинарды «Обама ҳәм ТРАМП экономиканы раўажландырыўға алып келди (Covid-19 тоқтап турыўға мәжбүрледи)» деген темада өткерди. Семинардың 1-көрсеткисин экономика факультети оқытыўшысы, ингилис тили бойыншаCEFR «С» дәрежесине ийе, доц. Т. Нурымбетов қарақалпақ тилине аўдармалап барды.

АҚШлы Лоуренс Ж. Мэлоун ҳаққында қысқаша тоқтап өтсек, Лоуренс Ж. Мэлоун, PhD., Нью-Йорк, АҚШ, Онеонта қаласындағы Хартўик колледжиниң экономика профессоры. Оның Карнеги қорының экономика бойынша миллий ағзасы ҳәм Фулбрайт бойынша халықаралық қәниге сыпатында ислегенлигин айтыўға болады. Соның менен бирге, ол үш оқыўлық авторы ҳәм шерик авторы есапланады: The Essential Adam Smith (Роберт Л. Хейлбронер менен, WW Нортон, 1986 ), Батысты ашыў (Openingthe West):1860 жылға шекем болған Федерал ишки раўажланыўлар (Гринвуд Пресс, 1998) ҳәм Өз-ара байланыслылықты (Learning Interdependence) үйрениў (Девид Бахнер ҳәм Мери Снайдер менен, Қубла Каролина университети, 2001).
Мэлоунның илимий қызығыўшылықлары 17 әсирден тап ҳәзирги күнге шекем мәмлекет сиясаты ҳәм экономикалық раўажланыўға қаратылған. Оның ҳәр түрли темаларда көплеген мақалалар жарық көрген. Ол экономика ҳәм бизнес тарийхшыларының миллий шөлкеми — экономика ҳәм бизнес тарийхы жәмийетиның баслығы лаўазымында искерлик алып барған.
Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен э.и.к. доцент Қ. С. Исмайлов «2022-2026-жылларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының әҳмийети» деген темада семинар алып барды. Семинардың 2-көрсеткисин экономика факультети оқытыўшысы, доц. Г. Турдыева ингилис тилине аўдармалап барды.
Семинарда атап айтқанда, Президентимиздиң 2022-2026-жылларда Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы халықаралық дәрежеде талқыланды. Бул ҳүжжет мәмлекетимиз басшысының 2017-2021-жылларда кең көлемде әмелге асырылған «Ҳәрекетлер стратегиясы»ның жуўмақлары ҳәм оның миллий социал-экономикалық раўажланыўды тәмийнлегенлиги анық санлы мағлыўматлар менен додалап өтилди. «Ҳәрекетлер стратегиясы»ның әмелге асырылыўында 300 нызам, 4 мыңнан аслақ арарлар қабыл етилгени, келеси 5 жылда «2022-2026-жылларда Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы» халықтың жанбасына ЖМӨ 1,6 есеге асырыўы ҳәм 2030-жылға барып бул көрсеткишти 4 мың АҚШ долларына жеткерилиўи белгиленгенлиги атап өтилди. 2023-жылға барып инфляция дәрежесин 5%ға түсириў, бюджет қытшылығын ЖМӨ қатнаста 3%дан асырмаў мақсети айрықша аталып, усы ҳүжжет шеңберинде көзде халқымыздың буннан былай да социал-экономикалық раўажланыўы бойынша басқа да әҳмийетли мағлыўматлар келтирип өтилди.
АҚШлы профессор өз көрсеткисинде АҚШ та соңғы 15-20 жылларда Қурама штатлардың сәйкес жыллардағы Президентлериниң әмелге асырған макроэкономикалық сиясаты нәтийжесинде миллий экономикалық өсимге ерискенлиги, қабылланған кең көлемли бағдарламалардың жумыссызлықты кемейткенлиги, ЖМӨ өсимине алып келгенлиги ҳ.т.б. мәселелерди айрықша көрсетип өтти. Соныңдай, өз көрсеткиси сонында макро экономикалық көрсеткишлер бойынша берилген саўалларға жуўап берип, семинардың қызықлы өтиўине еристи.
ҚМУ доценти, Экономика илимлериниң кандидаты К. С. Исмайлов Нөкис қаласындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң бухгалтериялық есап ҳәм аудит кафедрасы доценти есапланады. 1983-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған болып, 2000-жылы «Мийнет ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилиги» деген темада кандидатлық диссертациясын жақлады. Өзбекстан Республикасы Жоқары Аттестация Комисссиясы тәрепинен 2003-жыл доцент илимий атағын алды. Бир қанша сырт еллерде қәнигелигин асырған. Оның 90 нан аслам халық аралық илимий мақала ҳәм тезислери, 1 монография, 9 оқыўлықлары, 16 методикалық қолланбасы баспадан шыққан. Бир нешше жыллар даўамында Бухгалтериялық есап ҳәм аудит кафедрасы баслығы лаўазымында ислеген ҳәм бир қанша түрли мәкеме ҳәм шөлкемлерде илимий конференциялар ҳәм семинарлар шөлкемлестирген.
Семинар даўамындай, профессор-оқытыўышларға ҳәм изетлеўшилерге илимий мақала жазыў ҳәм илим-изертлеў жумысларын алып барыў, жойбарларда қатнасыў ҳ.т.б. қызықтырған мәселелерде сәўбетлесиў болып өтти.
ҚМУ оқытыўшысы З. Тажекеев