«GIZ UZBEKISTAN» халықаралық жойбар ўәкиллери қатнасыӯындағы семинар тренинг

Усы жылдың 7-март күни Экономика факультети туризм бағдары студент жасларына «GIZ UZBEKISTAN» халықаралық жойбар ўәкиллери Maeve O`brien ҳәм Алишер Қурбановлар тәрепинен семинар тренинг шөлкемлестирилди.Семинарда ҳәзирги ўақытта Туризм ҳәм сервис тәжирийбе колледжинде дуал системасын енгизиў бойынша кең түсиниклер берилди. Соның менен бирге университетимизде билим алып атырған туризм бағдары студентлериниң әмелий көнликпелерин раўажландырыў ушын мийманхана ҳәм ресторан лабораторияларын қурыў бойынша өзлериниң пикирлери менен бөлисти. Ушырасыў соңында жойбар ўәкиллери студентлерге туризм тараўындағы ең заманагөй китапларды саўға етти. Тараў ўәкиллер бундай ушырасыўлардыӊ буннан былайда кѳбирек болыўы тәрепдары екенлигин атап ѳтти.

 

Пайдалы дереклер