Бүгинги күнде Республикамызда Арал бойы регионын раўажландырыўға айрықша итибар берилип атырғаны ҳеш кимге сыр болмаса керек. Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январдағы “Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында”ғы ПФ-60-санлы Пәрманының 1- қосымшасында “Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, қала ҳәм районларда экологиялық жағдайды жақсылаў, “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў” 80 мақсетиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2022-жылдың 11-март күнинен баслап Қарақалпақ мəмлекетлик университети Биология факультетиниң «Пидайы ҳәм белсенди студент-жасларыныӊ оқыў-илимий экспедициясы» әмелге асырылды.
Усы мүнәсибет пенен усы жылдың 12-март күни ерте азаннан баслап Мойнақ районы Шағырлы аўылы аймағында жайласқан университеттиӊ оқыў-тәжирийбе майданшасында жумыслар қызғын басланып кетти. Атап айтқанда, дәслеп бағ жабайы отақ шѳплерден тазаланды, соӊ салмалар ҳәм нәл аралары тегисленип қайта егиске таярланды.
Еслетип ѳтемиз, буннан саррас 3 жыл бурын 2019-жылы март айында бул жерде “Арал бойы топырақлары, өсимликлери, суўлары, олардың қурамы ҳәм қәсийетлери ҳәмде климатын үйрениў” мақсетинде Қарақалпақ мəмлекетлик университети Биология факультетиниң оқыў-илимий полигоны шөлкемлестирип, 1 га майданда ықшам бағ жаратылған еди.





Якуб Аметов
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Биология факультети деканы,
биология илимлери докторы