2022 -жыл 15 – март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Ҳаял-қызлар кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 1-март күнги ПФ 81-санлы ҳәм 2022-жыл 7-март күнги 87-санлы Пәрманларында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәт кеңеси ағзалары менен биргеликте «Өзбекстан ҳаял-қызлары –ҳәрдайым итибарда» атамасында сәўбетлесиў шөлкемлестирилди.
Сәўбеттен гөзленген мақсет – Президенттиң 2022-жыл 1-март сәнесиндеги ПФ 81-санлы «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў, мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў ис-илажлары ҳаққында» ҳәм 2022-жыл 7-март сәнесиндеги ПФ 87-санлы «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды еле де жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының мазмуны менен жақыннан танысып, бул пәрманлардың мазмун ҳәм әҳмийетин үйренип шығыў, бул пәрманлар менен жасларды тереңнен таныстырып, үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў, бул бойынша ҳәрбир факультеттиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша декан масләҳәтшилери өз факультетлеринде семинар-тренинглер өткерип, студентлер арасында үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў бойынша мәсләҳәтлесип алды ҳәм кесте бойынша өткерилетуғын факультетлердиң дизимлери қәлиплестирилди.


ҚМУ Ҳаял -қызлар кеңеси