
2022-жыл 25- март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәжилислер залында Қурылыс факультети «Қурылыс тараўында илим ҳәм билимлендириўди турақлы раўажландырыўдың регионаллық аспектлери» атамасындағы Республика илимий-әмелий конференциясы болып өтти.

Илимий-әмелий конференцияны университеттиң Оқыў ислери бойынша проректоры А.Дуйсенбаев кирис сөз менен ашып берди ҳәм алып барды.
Конференцияда ӨзРИАҚҚ бөлими Геология лабораториясы баслығы,т.и.д. И.К.Аимбетов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети Имаратлар ҳәм сооружениелер қурылысы кафедрасы баслығы Р.Ешниязов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети магистранты Н.М.Косбергенова, Наўайы кәншилик институты Нөкис филиалы студенти И.Абдиразаков, Қарақалпақ мәмлекетлик университети магистранты Е.С.Алланазаровлар өз тезислери бойынша шығып сөйледи.
Илимий-әмелий конференция бағдарлар бойынша Қурылыс факультетинде даўам етти. Өз тезислери менен қатнасқан магистрантлар ҳәм студент-жаслар шығып сөйледи.
Конференция қызғын сораў-жуўаплар менен көтериңки руўхта өтти.


