Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен сүмелек сейили шөлкемлестирилди.

Университет студентлер турар үйи алдында сүмелек сейили болып, бул үлкен аўызбиршилик пенен мийрим-шәпәәттиң үлгисин көрсетип бермекте.
Бәҳәр дәрекшиси болған сүмелек тағамын писириў сейили университет жәмәәтиниң басламасы ҳәм барлық профессор-оқытыўшылардың қоллап-қуўатлаўы менен әмелге асырылып, студентлер турар үйи алдында шөлкемлестирилди. Үлкен қазанға жақсы нийетлер менен тағамның дәслепки өнимлери жасыүлкенлердиң ақ пәтиясы менен салынды.
Университет ректоры, профессор Ахмед Реймов Наўрыз байрамы мүнәсибети менен таярланып атырған сүмелек сейилинде қатнасып, студентлердиң қуўанышына шерик болды ҳәм ең жақсы тилеклерин билдирди. Жасыүлкенлеримиз улыстың уллы күни Наўрыз байрамындағы бул сейилде халқымызға тынышлық, татыўлық ҳәм жасларымыздың келешегин тилеп, сүмелек тағамын былғады.

Түрли миллет ўәкиллериниң перзентлери жәм болып жасап атырған студентлер турар үйи алдында сүмелек сейили көтериңки кейпиятта даўам етти. Талантлы жасларымыз өзлериниң миллий ойын ҳәм қосықларын атқарды.
Наўрыз елимизде жасап атырған барлық миллет ҳәм халық ўәкиллериниң сүйикли байрамына айланған десек, бул жәмлескенлик бүгин университетимизде өткерилип атырған сүмелек сейилинде беккем аӯызбиршилик пенен татыўлық, елимиздеги миллетлер аралық дослық айқын көринди.






Қарақалпақ мәмлекетлик университети Баспасөз хызмети