Ҳәр бир мүрәжат – итибарда

2022-жыл I шерегинде университетке келип түскен физикалық ҳәм  юридикалық шахслардың мүрәжатларының көрилиўи

 

          Мүрәжат етиў – пуқаралардың зәрүр сиясый ҳуқуқларынан бири есапланады. Мүрәжатлар арқалы халқымыздың кейпияты, шараятлары, алып барылып атырған реформаларға мүнәсабетин билиў мүмкин. Мүрәжатларға мүнәсабет түптен өзгергени себепли халқымыз мекемелерде ҳәм лаўазымлы  шахслар пуқаралар ҳәм жәмийет алдында жуўапкер екенлигин, халық мәпи баслы ўазыйпа екенлигин өз турмысында анық сезе баслады.

         Президентимиз Ш.Мирзиёевтың «Өзбекстан Республикасын жәнеде раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы туўрысында»ғы пәрманында мүрәжатлар менен ислеў системасын түптен раўажландырыўға қойылған ўазыйпаның әмелде тәмийнленип атырғанлығының нәтийжеси. Пәрманға муўапық ислеп шығылған «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары туўрысында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққындағы нызам Нызамшылық палатасы тәрепинен 2017-жыл 15-августта қабыл қылынды.

       Университетке келип түскен ҳәрбир жазба ҳәм аўызеки мурәжатларды үйренип шығыў, сондай-ақ  мурәжатлар санының көбейиў себеплерин терең анализлеп, келешекте олардың санын азайтыў көзде тутылып, ҳәрбир келген мүрәжатларға белгиленген жуўапкер ўақтында, нызам талапларына муўапық, толық, қалыс ҳәм әдил түрде жуўап бериўи талап етилмекте.

          Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 7-майдағы 341-санлы қарарындағы “Мәмлекетлик уйымларда Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислеў тәртиби туўралы үлги реже”ге муўапық физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатларын көрип шығыўда мүрәжатты нызамға қайшы түрде көрместен қайтарыў, оларды көрип шығыў мүддетлерин себепсиз бузыў, жазба түрде жуўап жебермеў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мурәжатлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине қайшы келетуғын қарар қабыл қылыў, мүрәжат мүнәсебети менен қабыл қылынған қарардың орынланыўын тәмийинлемеў, физикалық шахслардың жеке турмысы ҳаққындағы мағлыўматларды олардың разылығысыз әшкара етиў, оларды мүрәжатындағы критика ушын қысқыға алыў, сондай-ақ, нызам хүжжетлерин бузыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады.

           Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлигиниң 2022-жыл 11-февраль күнги «Жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлигинниң 2022-жыл 4-февральдағы 2 санлы кеңейтирилген коллегия мәжилисинде «Жоқары  профессионал ҳәм орта арнаўлы билим системасында 2021-жыл даўамында  физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мурәжетлерин көрип шығыў  нәтийжелери ҳаққында»ғы қабыл  етилген қарарын орынлаў ҳаққындағы 50-санлы буйрығында көрсетилген тапсырмаларды орынланыўын тәминлеў мақсетинде университет ректорының 16-февраль күни 35Д/1-санлы буйрығы шығарылды.

          Университетде физикалық ҳәм юридик шахслардың мүрәжетлерин пуқта ҳәм сапалы көрип шығыў, жеке қабыллаўдың нәтижелигин арттырыў, ис жүргизиўди системалы шөлкемлестириў, анализлеў ҳәм қадағалаў жумысларының нәтийжели  әмелге асырыў бойынша ис-илажлар режеси ислеп шығылды ҳәм тастыйықланды.

          Университетке 2022-жылдың биринши шерегинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардан жәми 24 мүражат келип түскен. 2021-жылдың биринши шерегинде болса жәми келип түскен мүражатлар 39 болып, 2022-жылдың биринши шерегинде мүражатлардың саны 15 (38.4% азайған).

         2022-жылдың биринши шерегинде 9 мүражат виртуал қабыллаўханасы арқалы келип түскен,  6 электрон, 9 жазба, жәми 24 мүражатлар келип түскен.

          Мүрәжатларда 5 мәселе контракт төлемлерине жәрдем, 5 мәселе оқыўларын көшириў ҳәм тиклеў бойынша, 5 оқыў мәселеси, 3 мәселе жумысқа жайластырыў, 2 стипендия бойынша  ҳам тағы басқа  мәселелер көтерилген.

Келип түскен арзалардың орынланыўы тийислиги бойынша жуўапкерлерге   төмендегише бөлистирилди:

  1. Оқыў ислери бойынша проректорға тийисли – 13
  2. Жаслар менен ислесиў бойынша проректорға тийисли – 6
  3. Қаржы ҳәм экономика ислери бойынша проректорға тийисли – 2
  4. Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректорға тийисли – 1
  5. Есап-санақ бөлимине тийисли – 1
  6. Қабыллаў комиссиясына тийисли – 1

          Келген арзалардың ҳәммеси қадағалаўға алынды. Ҳешбир арзаның орынланыў мүддети кешиктирилмеди. Келип түскен – 24 мүрәжаттың 23 арза, 1 шағым. Келген арзалардың 5 еўи  қанаатлантырылды, 18 арза ийелерине тусиник берилди, 1 арза қайтарылды.

          «ҚМУ Ректор ҳәм жаслар» телеграмм каналына 2022-жылдың биринши шерегинде 2 мүрәжат  келип түсти соннан биреўи стипендия қашан түсиўи бойынша, биреўи оқыўын көшириў бойынша мағлыўмат сораған. Буларға тийисли жуўаплар берилди.

Университетте физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыўда белгиленген мүддетлерде барлық арзаларға жуўап хаты жиберилип, почта квитанциялары алынып ҳәм мүрәжат ийеси менен жанлы ямаса  телефон арқалы сәўбетлесип ҳәм ол тил хатын бергеннен кейин мүрәжат хаты қадағалаўдан шығарылып келинбекте.

Университеттиң расмий веб-сайтында Өзбекстан Республикасының физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мурәжатлары ҳаққындағы нызамы,   мүрәжатлар менен ислесиў нәтийжелери бойынша есаплар, университет ректоры ҳәм проректорларының физикалық ҳәм юридикалық шахсларды қабыллаў  графиги жайластырылған

 

 Физикалық ҳәм юридикалық

 шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў,

 қадағалаў ҳәм мониторинг  бөлими баслығы У.Асанов

 

Пайдалы дереклер